Президент Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевқа хат жоллап, мәмлекеттиң жаңаланған парламенти – Қурылтайға сайлаўлар халықаралық стандартлар ҳәм демократиялық принциплер тийкарында табыслы өткерилгени менен қызғын қутлықлады

87

Мәмлекетимиз басшысы бул тарийхый ўақыя Қазақстанның сиясий системасын жетилистириў, мәмлекетлик басқарыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм парламенттиң ролин сезилерли дәрежеде күшейтиўде жаңа басқышты баслап бергенин атап өтти.

Сайлаўларда пуқаралардың белсене қатнасыўы Қасым-Жомарт Тоқаевтың басшылығында әмелге асырылып атырған, Қазақстанның турақлы раўажланыўын тәмийинлеў, оның халықаралық майдандағы абырайы ҳәм тәсирин және де арттырыўға қаратылған кең көлемли конституциялық ҳәм жәмийетлик-сиясий реформалар халық тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланып атырғанының айқын дәлили екени атап өтилди.

Өзбекстан Президенти мәмлекетимизде көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықлары менен байланысқан туўысқан қазақ халқы жеринде бүгин әмелге асырылып атырған кең көлемли жаңаланыўлардың жоқары нәтийжелеринен шын жүректен қуўанышлы екенин атап өтти.

Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қазақстан парламентлери арасындағы тығыз бирге ислесиў еки дос мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары руўхында жаңа сапа басқышына көтерилетуғынына исеним билдирилди.

Сөйлесиўдиң жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев Қасым-Жомарт Тоқаевқа беккем денсаўлық, абаданлық ҳәм мәмлекетшилик жумысында үлкен табыслар, туўысқан Қазақстан халқына болса тынышлық ҳәм раўажланыў тиледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги