Президентимиз Үргенш халықаралық аэропортындағы қурылыс жумыслары менен танысты

Соӊғы жыллары Хорезм оазисине келип атырған мийманлар ағымы бир неше есеге артты. Туристлик потенциалды иске қосыўға қаратылған басламалар шеңберинде халықаралық стандартларға жуўап беретуғын транспорт-логистика инфраструктурасы жаратылып атырғаны итибарға ылайық.
Атап айтқанда, Үргенш халықаралық аэропортында рәсмий делегацияларға хызмет көрсететуғын терминал қурылып, жаңа аэродром комплексин реконструкциялаўдың биринши басқышы жедел даўам еттирилмекте.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң Хорезм ўәлаятына сапары мине, усы жойбарлар менен танысыўдан басланды.
Аэропорт 1960-жылы иске түскен. Оған 1992-жылы халықаралық статус берилген. Улыўма майданы 285 гектардан асламды қурайтуғын бул комплекс өткен жыллар даўамында мыңлаған жолаўшыларға хызмет көрсетип келди. Бүгинги күнде аэропорт арқалы онға шамалас абырайлы авиакомпания тәрепинен турақлы қатнаўлар жолға қойылған. Усы жылдың өзинде аэропорт тәрепинен жәми 126 миллиард сумлық хызметлер көрсетилип, бул көрсеткиш 2025-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 31 процентке өсти.

Жедел раўажланып атырған заман, артып баратырған туристлер ағымы ҳәм халықаралық бирге ислесиў көлеми бар қуўатлықларды пүткиллей кеңейтиўди күн тәртибине қоймақта.
Үргенш халықаралық аэропортын кеңейтиў ҳәм модернизациялаў ушын жәми 264 миллион доллар муғдарында инвестиция қаржылары қаратылған. Жойбар мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында әмелге асырылмақта.

Жойбардың жеке меншик шериги сыпатында дүньяның ең алдынғы, жоқары технологиялы ҳәм абырайлы авиация хабларынан бирин басқаратуғын Қубла Кореяның “Incheon International Airport Corporation” компаниясы тартылды.

Президентимиз Хийўа ҳәм Үргенш қалалары ири халықаралық саммитлер, жоқары дәрежедеги дипломатиялық ушырасыўлар, абырайлы экономикалық ҳәм мәдений әнжуманлар өткерилетуғын глобаллық майданға айланып атырғанын атап өтти. Бундай илажларға келетуғын сырт ел делегациялары ушын жоқары дәрежедеги қолайлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў мәмлекеттиң халықаралық майдандағы абырай-мәртебесине тиккелей хызмет ететуғыны атап өтилди.

Реконструкция шеңберинде аэропортта “Boeing 747” ҳәм “Airbus A350” сыяқлы кең фюзеляжлы ҳаўа кемелерин арқайын қабыл етиў имканияты жаратылмақта. Бул енди дүньяның түрли континентлеринен Хорезмге тиккелей, транзитсиз узақ аралық пәрўазларды әмелге асырыў имканиятын береди.

Сондай-ақ, реконструкция жумысларының биринши басқышында 18 ҳаўа кемеси туратуғын орын ҳәм жаңа бурылыс жолы қурып питкериледи. Буннан тысқары, аэропортта заманагөй шегара қадағалаўы ҳәм виза бөлимлери, ықшам бизнес-зал, ҳәр қыйлы саўда ҳәм аўқатланыў шақапшалары, күни-түни ислейтуғын медицина пункти және дүнья брендлерин жәмлеген “Duty free” зонасы шөлкемлестирилмекте.
Жойбар жуўмақланғаннан соң, жолаўшыларға хызмет көрсетиў қуўатлылығы саатына 300 ден 1 мың 300 ге шекем артады.
ӨзА