Газ тармақларын реконструкциялаў даўам етпекте

Республикамызда газ тармақларын гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў, тозыўы жеткен газ тармақларын жаңасына алмастырыў, артықша техникалық газ жоғалтыўлардың алдын алыў бағдарында кең көлемли жумыслар қолға алынған.
– Бүгинги күнде Хожели районында 25 мыңнан аслам хожалық тәбийий газден пайдаланып келмекте, – дейди Хожели районлық газ тәмийнаты бөлиминиң жетекши инженери Парахат Юсупов. – Тутыныўшыларға районлық газ тәмийнаты балансындағы узынлығы 960 километрлик газ тармақлары арқалы тәбийий газ жеткерип берилмекте.
Ҳәзирги ўақытта қыс айларында газ басымы менен байланыслы машқалалардың алдын алыў, тутыныўшыларға үзликсиз ҳәм қәўипсиз тәбийий газ жеткерип бериў мақсетинде 17 мыңнан аслам тутыныўшыны тәбийий газ бенен тәмийинлеўши «Хожели» газ бөлистириў станциясынан «Водник» посёлкасына шекемги аралықтағы 17 километрлик газ тармағының 10 километрлик бөлегин алмастырыў мақсетинде «Ҳудудгазтәмийнат» акционерлик жәмийети тәрепинен жаңадан диаметри 273 ҳәм 219 миллиметрлик газ тармақлары келип баслады.

«Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнатына қараслы Қурылыс-монтажлаў басқармасы тәрепинен ҳәзирги ўақытта қурылыс реконструкция жумыслары баслап жиберилди. Усы жумыслар толық жуўмақланғаннан соң тәбийий газ бенен байланыслы машқалалар сапластырылып, тутыныўшыларға гүзги-қысқы айларда үзликсиз тәбийий газ жеткерип берилиўи нәзерде тутылған.
Ә.Жийемуратов, Қарақалпақстан хабар агентлиги