Байрамға мүнәсип саўға: Миллий гвардия әскерий хызметкерлерине жаңа квартиралардың гилтлери тапсырылды

52

Елимиз ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы мүнәсибети менен Миллий гвардия Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасының әскерий хызметкерлерине жаңа турақ жай тапсырыў мәресими болып өтти.

Усы мәресимде 20 Миллий гвардия әскерий хызметкери ушын қурып питкерилген жаңа турақ жайлардың гилтлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы ҳәм Миллий гвардия басқармасының баслығы және бирге ислесиўши шөлкем ҳәм министрликлердиң басшылары қатнасыўында салтанатлы түрде тапсырылды.

Әскерий хызметкерлер өзлерине жаратып берилген бундай имканиятлар ҳәм социаллық қорғаў ушын мәмлекетимиз басшысы ҳәм Миллий гвардия сәркардалығына өз миннетдаршылығын билдирди.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги