Шығындылардан керекли өнимлер ислеп шығарып, миллионер болған нөкисли исбилермен ҳаққында еситкенимде таңланғанымды жасыра алмадым. «Шығындыдан да адам миллионер болыўы мүмкин бе. Ақыры шығынды адамларға керексиз нәрселер ғо» деген сораў турар еди ойымда.  Гәптиң ҳағына келгенде оның кәрханасына журналист сыпатында бир барып көриўди мақул таптым. Нөкистиң бир шетинде жайласқан  кәрхананы таўып барыў аңсат болмады. Жөнелисли маршрутлар жүрмейтуғын аймаққа жаздың жәзийрама ыссысында такси менен барар екенбиз, кең жазықлық майданда прессленген жапырақлар менен дөгереги қоршалған кәрхана дәрўазасынан ишке қарай бетледик. Исениң яки исенбең, көз алдымызда үйин-үйин болып жатырған шығындылар өним ислеп шығаратуғын кәрхананы емес, ал, мусорхананы еслетер еди. Ҳақыйқатында да бул бәд ийислер аңқып турған  мусорхана еди.

-Таңланып турсызба қарындасым. Келиң, хош келипсиз. Таңланғаныңыз туўры. Бул Нөкистиң барлық шығындылары жыйналатуғын жер. Мен буларды сатып алып қойыппан.

Соң билсек бул киси  усы кәрхананың ийеси, яғный шығындылардан таза өним ислеп шығарып, миллионер болған исбилермен Рашит Қартбаев екен. Мақтаншақлықты жақтырмай, сөзди кесип-кесип айтатуғын оның  бул көриниси тәўекелши екенлигин аңлатып турар еди. Негизинде ол усы тәўекелшилигиниң арқасында көплеген жетискенликлерди қолға киргизген.

-Бәри студентлик дәўирлерден басланды,-деди ол сәўбетимиз барысында басынан өткенлерди баян етип. Нөкис мәмлекетлик педагогика институтында 1997-жыл питкериўши курсында оқып жүрген гезлерим еди. Бир күни «Экономика тийкарлары» пәни муғаллимимиз сабақ ўақтында қандайда бир журналда дүньяны гезген германиялы саяхатшының мақаласын оқып берди. Оның айытыўына қарағанда Нөкис дүньядағы ең патас қала екен. Бул гәптен тәсирленгеним соншелли муғаллимнен журналды сорап алып қайта-қайта оқып шықтым ҳәм саяхатшының гәпиниң туўрылығын өз көзим менен көриў ушын пайтахтымызды аралап шықтым. Ҳақыйқатында да қаламыздың мәдений орынлары, әсиресе, көп қабатлы жайлардың санитариялық жағдайлары жүдә ашынарлы жағдайда екенлигин көрип қыйналып кеттим…

 

ТЫНЫП ТЫНШЫМАҒАН ТАБЫСҚА ЕРИСЕДИ

Жаратылысынан тынып тыншымайтуғын минез қулыққа ийе Рашиттиң исбилерменликке жолы усы ўақыядан соң басланды. Әтираплары тасландыға толы киши районлардың ашынарлы жағайлары оның тыншын алып, ишиндеги қандайда бир ҳаўаз « тазалық қәне, усыншама патаслықтан адамлар кесел болып атыр» дегендей болар еди. Ол усы аймақлардың ақсақалларының жәрдеми менен ҳәр бир үйден пул жыйнап, шығындаларды тазалай баслады. Нәтийжеде үйин-үйин болып атырған шығындылар алып тасланды.

-1999-2000- жыллары киши районлардың жағдайлары жүдә ашынарлы еди,-дейди ол. Әсиресе, подваллардағы толып кеткен шалшық суўлардың бәд ийиси нәтийжесинде жазы-қысы ғаўлап туратуғын қара шыбын менен сүйир шыбынның себебинен турғынлар нә дем алып, нә уйқылап рәҳәт табар еди. Жаңа туўылған нәрестелердиң жағдайын айтпасақ та болады. Бул жағдайларды қала ҳәкимине айтып, машқалаларды сапластырыў ушын мени усы аймаққа жыйын ақсақалы етип сайлаўын сорандым. Лекин мени 17 домға хызмет көрсететуғын «Ықлас-Нукус» үй-жай  шериклигине баслық етип тайынлады. Жағдай менен танысқанымда сол пайыттағы киши районлардағы канализация трубалары истен шығып, подваллар шалшық суўларға толып кеткенлигиниң гүўасы болдым. Имканиятым барынша жумысты тезлетип, 22-киши райондағы 1-В үйдиң подвалын тазалаў ҳәм трубаларын өз қәрежетим есабынан оңладым. Өзим қарызға батып атырған шерикликке баслық болғанлықтан бул жумыслардың бәри қәрежетке барып тақалар еди. 1 метр пластмасса трубаны базардан сатып алып өлшеп көрсем 6 килограмм шықты. Ойлап қарасам бир домның трубаларын алмастырсам қаншама қәрежет талап етилер екен…

 

«АҚЫЛЛЫ ТЕХНОЛОГИЯ»НЫ ӨЗЛЕРИ-АҚ ОЙЛАП ТАПТЫ

«Бул трубаларды базардан сонша пулға сатып  алып жеткере алмаспыз» деген ойда жүрген ол «усы трубаларды  өзлеримиз-ақ ислеп шығарсақ қалай болар екен» деген тоқтамға келди.  Әмиўдәрьялы токар Давлат Хожабаев пенне биргеликте 2 жыл изленип, мийнет етиў нәтийжесинде пакет, баклажка ҳәм соған уқсас шығындылардан пластмасса труба таярлайтуғын станок ойлап таўады ҳәм «Мустанаб-Ҳилол» ЖШЖ шөлкемлестирип, өнимлерин базарға шығара баслайды. Оның  өнимлери  сапалы болыўы менен бирге  базарда арзан баҳада сатылып, баҳаның түсиўине тийкар болды.

Солай етип тәўекелши басшы Рашид Қартбаев аймақтағы 250 үйдиң ҳәр бирине 25 миллиметр көлемдеги трубадан 40 метр саўға етти. Киши районлардағы көп қабатлы үйлердиң подвалларын патаслықлардан тазалап, Голландия ҳәм Белорусиядан алып келинген  дәрилер менен дизенфекция ислетти.

Заманның раўажланыўы менен турмысымызға ҳәр қыйлы технологиялар кирип келмекте. Адам күши, адамның ақылына масластырылып исленген «ақыллы технология» лар бүгин өним ислеп шығарыўшы кәрхана, заводлардың жетекши күшине айланған. Өз исин қаланың тазалығын  сақлаўдан баслап,соң ҳәр қыйлы өнимлерди ислеп шығарып, ҳәтте дийханшылықта да жақсы нәтийжелерге ерисип атырған Рашид Қартбаев ҳәр қандай истиң  басламасында станокларды токарлар менен биргеликте ойласып технологияларды өзлери ойлап табыўға әдетленген. Мәселен труба, труба өнимлерин ислеп шығарыўдан шыққан шығындыларды да тасламай, оннан полимер шифер, брусчатка, тасланды кийим, қыйынды таўарлардан суйық обой, ҳайўан сүйеклеринен сүйек уны-қулласы булардың бәри өзлериниң ойлап тапқан технологияларында исленеди.

 

«ИСБИЛЕРМЕН ЕКЕНЛИГИМДИ СОҢЫНАН БИЛДИМ»

Ҳәр қыйлы өнимлерди ислеп шығарыўды жолға қойған Рашит Қартбаев «мен қаланың тазалығын сақлаў ушын жумыс баслаған едим. Соң өз қызығыўшылығым менен кәрхана ашып, жумыс көлемин кеңейтип бара бердим. Расын айтсам мен исбилермен екенлигимди соңынан билдим», дейди ҳәзил аралас күлимлеп. Бүгин ол өз кәрханасында 200 ге шамалас адамды жумыс пенен тәминлеп қойыпты.

-Усы кәрханада ислеп атырғаныма 6 жыл болады. Пластмасса труба ислеп шығарамыз. Жумысымыз жақсы, ис ҳақымызды ўақтында аламыз ҳәм түсте ыссы аўқат бериледи,-дейди биз бенен сәўбетте болған  исши Аймурза Үсенов.

Бул кәрхананың қапталында суйық обой ислеп шығаратуғын цех та жайласқан. Бул обойларға буйыртпа  әсиресе, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринен келип түспекте. Ханаға жыллылық ҳәм гөззаллық бағышлап туратуғын обойларды көрип сүйсинип қарайсаң.

 

ОЛ ДИЙХАНШЫЛЫҚТАН ДА ҚУРЫ АЛАҚАН ҚАЛМАДЫ

Қызығыўшаң, бир исти басласа ақырына шекем жеткермей қоймайтуғын Рашид және бир иске тәўекелшилик пенен киристи. Оның дийханшылыққа қызығыўы былайынша басланған еди. 2003-жылда ол Нөкис қаласында  экология бойынша өткерилген семинарға қатнасып, шығындыларды қалай жоқ етиў ҳаққында сөз сөйледи. Мәжилис тамам болғаннан соң бир адам өзин таныстырып,жумыс орнына барыўын соранады. Ол Қарақалпақстан Республикасы Тәбиятты қорғаў комитетинде 39 жыл лаборатория баслығы болып ислеген Жаңабай исмли алым еди.

-Ертесине  жумыс орнына барғанымда ол бир буўат қағазды стол үстине қойды. Лабораторияның анализлерине қарағанда 1940-жылы Қарақалпақстанда ҳеш қандай төгинсиз 80  центнерден өним алыўға ерискен болса, 2003-жылға келип, бул көрсеткиш 10 центнерге де жетпейди екен. Мен бул гәптен соң тәсирленип, жердиң өнимдарлығын арттырыў машқаласын шешиў мәселесине кирисип кеттим,-дейди ол. Көп изленислерден соң ол биогомус алыў бойынша тәжирийбениң табыслы әмелге асырылыўына еристи. Кегейли районының ҳәкимине барып егислик жер сорады ҳәм өз тәжирийбесин өткизди. Жаңаша, яғный «кегейлише усыл» менен қалталарға еккен егинлеринен суўды үнемлеп сапалы өним алыўға еристи.

Енди болса тынып-тыншымайтуғын исбилермен көп қабатлы жайлардың подвалларына қалталарға замарық егип, буннан өним алыўдың усылын сынақтан өткермекте.

Ҳайўанлар сүйегинен таўық, маллар ушын пайдалы жем,  шығынды, плёнка ҳәм пакетлер менен пластмасса қалдықларынан жай ушын полимер шифер ҳәм брусчатка ислеп, халықтың талабын қанаатландыратуғын хызметлерди ислеп киятырған «Мустанаб-Ҳилол» ЖШЖ алдына еле де жаңа ўазыйпаларды әмелге асырыўды нийет етип қоймақта. Жақын арада биз оның жапырақ шығындылардан исленген таза имаратының питкенлиги ҳаққында да мақаламызды халқымызға усынармыз бәлким.

 

ГҮЛНАРА ТУРДЫШОВА.