Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он сегизинши жалпы мәжилиси ҳаққында МӘЛИМЛЕМЕ

2026-жылдың 7-август күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он сегизинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.
Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис Сенаттың Youtube тармағындағы бети арқалы тиккелей жарытып барылды.
Он сегизинши жалпы мәжилистиң биринши жумыс күнин сенаторлар “Базар қадағалаўы ҳаққында”ғы нызамды додалаўдан баслады.
Соңғы жыллары елимизде тутыныўшылардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў, ишки базарда айланысқа шығарылып атырған өнимлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў және исбилерменлик субъектлери ушын әдил ҳәм ашық-айдын бәсеки орталығын қәлиплестириўге қаратылған избе-из реформалар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, әмелде базарда инсанның өмири, денсаўлығы, мүлки ҳәм қоршаған орталық ушын қәўип туўдырыўы мүмкин болған азық-аўқат емес өнимлерди анықлаў, оларды айланыстан шығарыў ҳәм ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың өз-ара бирге ислесиўин тәмийинлеўге байланыслы қатнасықларды бирден-бир ҳуқықый тийкарда тәртипке салатуғын айрықша нызам жоқ екенлиги атап өтилди.
Нызам менен базар қадағалаўы тараўында бирден-бир ҳуқықый механизм енгизилмекте. Соның ишинде, базар қадағалаўын әмелге асырыўдың тийкарғы принциплери, ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар және экономикалық операторлардың ҳуқықлары менен миннетлемелери, базар қадағалаўы илажларын өткериў тәртиби және тәсир илажларын қолланыўдың анық ҳуқықый тийкарлары белгиленбекте.
Сондай-ақ, нызам менен базар қадағалаўын қәўип-қәтерлерди баҳалаў тийкарында шөлкемлестириў, қадағалаў сатып алыўларын әмелге асырыў, өнимлерди лабораториялық сынақлардан өткериў, қәўипли өнимлерди айланыстан шығарыў ҳәм шақырып алыў және тутыныўшыларды оператив хабардар етиў механизмлери енгизилмекте.
Әсиресе, экономикалық операторлардың ҳуқықлары кепилленип, оларға базар қадағалаўы илажларында қатнасыў, қадағалаў материаллары менен танысыў, аудио ҳәм видеожазыўларды әмелге асырыў, сондай-ақ, ўәкилликли уйымлардың қарарлары үстинен белгиленген тәртипте шағым етиў ҳуқықының берилип атырғаны исбилерменлик субъектлериниң нызамлы мәплерин және де исенимли қорғаўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Сенаторлардың пикиринше, нызамның қабыл етилиўи ишки базарда тек ғана қәўипсиз ҳәм белгиленген талапларға жуўап беретуғын өнимлердиң айланыста болыўын тәмийинлеў, тутыныўшылардың ҳуқықларын және де нәтийжели қорғаў, мәмлекетлик қадағалаўдың ашық-айдынлығын арттырыў, ҳадал исбилерменлик орталығын беккемлеў және елимизде базар қадағалаўының заманагөй ҳәм нәтийжели системасын қәлиплестириўге хызмет етеди.
Сенаторлар нызамды мақуллады.
Сондай-ақ, жалпы мәжилисте “Өнимлердиң улыўма қәўипсизлиги ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Бүгинги күнде жәҳән экономикасында глобалласыў процесслери, электрон коммерцияның жедел раўажланыўы, трансшегаралық саўданың кеңейиўи ҳәм өнимлердиң түрлериниң артыўы өнимлердиң қәўипсизлиги тараўында пүткиллей жаңа қатнасларды талап етпекте.
Бул нызам мәмлекетимизде техникалық жақтан тәртипке салыў системасын түп-тийкарынан реформалаў, өнимлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын нәтийжели қорғаўға қаратылған.
Нызам Жәҳән саўда шөлкеминиң Саўдадағы техникалық тосқынлықлар ҳаққындағы келисим ҳәм халықаралық алдынғы әмелият талапларына муўапық ислеп шығылған.
Базарға шығарылатуғын барлық өнимлер қәўипсиз болыўы шәрт. Ислеп шығарыўшылар, импорт етиўшилер ҳәм экономикалық операторлар өнимниң қәўипсизлиги ушын тиккелей жуўапкер есапланады.
Сондай-ақ, экономикалық операторларға өнимниң қәўипин баҳалаў, техникалық ҳүжжетлерди жүргизиў, өнимди идентификациялаў, тутыныўшылардан келип түскен мүрәжатларды есапқа алыў ҳәм қәўипли өнимлерди базардан қайтарып алыў бойынша анық миннетлемелер жүкленбекте.
Нызам менен базар қадағалаўының қәўип-қәтерлерге тийкарланған жаңа механизми енгизилип, қәўипли өнимлерди оператив анықлаў ҳәм оларды айланыстан шығарыў бойынша миллий мәлимлеме алмасыў системасы шөлкемлестириледи.
Сенаторлардың пикиринше, нызам халықтың өмирин ҳәм денсаўлығын қорғаў, жергиликли өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығын ҳәм экспорт потенциалын арттырыў, сондай-ақ, мәмлекетимиз техникалық жақтан тәртипке салыў системасын халықаралық стандартларға муўапықластырыўға хызмет етеди.
Буннан тысқары, ишки базарға киргизилип атырған өнимлердиң қәўипсизлигин кепиллеў, тутыныўшыларды қәўипли өнимлерден қорғаў ҳәм олардың базарға болған исенимин беккемлеў ушын ҳуқықый тийкар жаратылады.
Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.
Буннан соң “Әскерий хызметкерлердиң ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында”ғы нызам додаланды.
Соңғы жыллары елимизде әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлерин социаллық қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, хызметти мүнәсип хошаметлеўге қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Бул нызам мине усы реформалардың логикалық даўамы болып, әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының мәмлекетлик пенсия тәмийнатын миллий нызамшылық тийкарында комплексли тәртипке салыўға хызмет етеди.
Додалаўда атап өтилгениндей, усы ўақытқа шекем бул тараўдағы қатнасықлар тийкарынан бурынғы Аўқам дәўиринде қабыл етилген ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм айырым халықаралық келисимлер тийкарында тәртипке салынып келинген. Жаңа нызам болса бул қатнасықларды Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳәм миллий нызамшылығының талаплары тийкарында ҳуқықый жақтан беккемлейди.
Биринши мәрте мәмлекетлик пенсия тәмийнатына ийе болған шахслар шеңбери, хызмет жыллары ушын пенсия, майыплық пенсиясы ҳәм бағыўшысын жойытқанлық пенсиясын тайынлаў шәртлери, оларды есаплаў, қайта есаплаў ҳәм төлеў тәртиби бирден-бир нызам дәрежесинде белгилеп қойылмақта.
Сондай-ақ, узақ жыллар даўамында ҳадал хызмет еткен әскерий хызметкерлерди социаллық хошаметлеўге қаратылған әҳмийетли жаңалықлар нәзерде тутылған. Атап айтқанда, календарь есапта 30 жылдан артық хызмет еткен шахслар ушын пенсияны есаплаўдың ең жоқары муғдары 75 проценттен 100 процентке шекем арттырылмақта.
Әҳмийетлиси, бул социаллық кепилликлер тек ғана келешекте пенсияға шығатуғын әскерий хызметкерлерге емес, ал бүгинги күнде пенсия алып атырған, календарь есабында 30 жылдан артық хызмет еткен әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына да енгизиледи.
Нызамда Ўатанды қорғаў жолында хызмет еткен инсанлардың шаңарақларын социаллық қорғаўға айрықша итибар қаратылған. Соның ишинде, бағыўшысын жойытқанлық пенсиясын тайынлаўдың ҳуқықый тийкарлары жетилистирилип, әскерий хызметкер хызметти өтеў дәўиринде қайтыс болған ямаса хызмет дәўиринде алған жарақаты ямаса кеселлиги ақыбетинде қайтыс болған жағдайларда оның шаңарақ ағзаларының мәмлекет тәрепинен пенсия менен тәмийинлениўине байланыслы кепилликлер беккемленбекте.
Атап өтилгениндей, бул нызам әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң социаллық қорғалыўын буннан былай да күшейтиў, олардың хызметин мүнәсип қәдирлеў және шаңарақ ағзаларының ҳуқықлары менен мәплерин исенимли қорғаўға хызмет етеди.
Сенаторлар нызамды мақуллады.
Жалпы мәжилисте “Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына пенсия тайынлаў тәртибин буннан былай да жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымша киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.
Соңғы жыллары елимизде пенсия тайынлаў тәртибин әпиўайыластырыў, тараўды санластырыў арқалы артықша бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў, пенсия тәмийнаты системасында мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң сапасын жақсылаў, социаллық әдиллик принциплерин беккемлеў бағдарында системалы илажлар әмелге асырылмақта.
Бул нызам да майыплығы болған шахслардың пенсия тараўындағы ҳуқықлары менен мәплериниң қорғалыўын буннан былай да беккемлеў мақсетлерин нәзерде тутады.
Нызам менен пуқараға I ямаса II топар майыплығы белгилениўи мүнәсибети менен майыплық пенсиясын проактив түрде тайынлаў және пенсия тайынланғанынан кейин кеминде бир жыл мийнет стажына ийе болса, усы пенсия түрин ҳәр еки жылда бир мәрте пуқараның мүрәжатын талап етпеген ҳалда проактив түрде қайта есаплап шығыў тәртиби енгизилмекте.
Сондай-ақ, пенсиядан шегирме исленгеннен кейин пуқараға төленетуғын пенсия муғдары ең кем тутыныў қәрежетлериниң муғдарынан аз болмаўы белгиленбекте.
Сенаторлардың пикиринше, нызам пуқараларға майыплық пенсиясын тайынлаў тәртибин әпиўайыластырыўға ҳәм оларға бул тараўда көрсетилип атырған мәмлекетлик хызметлердиң сапасын буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.
Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.
Сенаттың 18-жалпы мәжилисинде “Реклама ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына қосымшалар ҳәм өзгерис киргизиў ҳаққында”ғы нызам да додаланды.
Соңғы жыллары республикамызда қамсызландырыў хызметлери ҳәм кредит-финанс мәселелери бойынша тутыныўшылардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, халық, соның ишинде, исбилерменлер ушын қосымша жеңилликлер жаратыў бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Соның менен бирге, халықтың, соның ишинде, исбилерменлердиң қамсызландырыўға байланыслы саўатлылығын беккемлеў ушын ғалаба хабар қураллары арқалы кең көлемли үгит-нәсиятлаў жумысларын жолға қойыў, кредит өнимлериниң рекламасында өз төлеў қәбилетин дурыс баҳалай алмаў ҳәм қарыз миннетлемелерин орынламаў финанслық қәўип-қәтерлерди жүзеге келтириўи мүмкин екенлиги ҳаққында тутыныўшылар ушын ескертиў берилиўин тәмийинлеў зәрүрлиги де жүзеге келмекте.
Нызам менен қамсызландырыў саўатлылығын арттырыўға қаратылған мәлимлеме де социаллық мәлимлеме қурамына кириўи нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, тараўлардағы ўәкилликли уйымлар да социаллық мәлимлемениң реклама бериўшилери қатарына киргизилип, финанслық хызметлер рекламасында усы хызметлерден пайдаланыў ҳәм қарыз миннетлемелерин орынламаў финанслық қәўип-қәтерлерди жүзеге келтириўи мүмкин екенлиги ҳаққында ескертиў болыўы керек екенлигин нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.
Сенаторлардың атап өткениндей, нызам халықта қамсызландырыў хызметлерине болған исеним дәрежесин арттырыўға және кредит пенен байланыслы финанслық қәўип-қәтерлер ҳаққында халықтың, соның ишинде, исбилерменлердиң хабардарлығын арттырыўға хызмет етеди.
Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.
Сондай-ақ, Олий Мажлис Сенатының 18-жалпы мәжилисинде “Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳаққында”ғы Конституциялық нызам көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, жаңа редакциядағы Конституцияда елимизде миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлар, мәмлекетшилигимиздиң раўажланыўының тарийхый тәжирийбесине сүйенген ҳалда мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыўдың нәтийжели системасы жаратылған. Мәмлекетлик ҳәкимияттың дүзилиўи, атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси, Өзбекстан Республикасы Президенти, Министрлер Кабинети, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият тийкарлары өз алдына бапларда толық баян етилген.
Конституцияның ХIХ бабы Өзбекстан Республикасы Президентине тийисли болып, онда Президент мәмлекет басшысы статусында мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының келисилген ҳалда жумыс алып барыўын ҳәм бирге ислесиўин тәмийинлеўи, сондай-ақ, оның мәмлекетти басқарыў ҳәм раўажланыўын тәмийинлеўдеги әҳмийетли ўәкилликлери беккемленген.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти өз ўәкилликлерин әмелге асырыўды шөлкемлестириўшилик, ҳуқықый, аналитикалық жақтан тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясын қәлиплестириўи, Президент Администрациясының ҳуқықый статусы, тийкарғы ўазыйпалары, жумысын шөлкемлестириў тәртиби ҳәм ўәкилликлери нызам менен белгиленетуғыны нәзерде тутылған.
Бул нызам Өзбекстан Республикасы Конституциясының талапларынан келип шыққан ҳалда ислеп шығылған болып, Президент Администрациясының мәмлекетлик басқарыў системасындағы орны, ҳуқықый статусы ҳәм жумысының тийкарғы бағдарларын конституциялық нызам дәрежесинде белгилеўге қаратылған.
Нызамда Администрацияның статусы, жумысының тийкарғы принциплери, структуралық дүзилиси ҳәм жумысын шөлкемлестириў тәртиби, оның мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм шөлкемлери менен өз-ара байланыслары, Администрацияның лаўазымлы шахслары, басқарыў ҳәм хызметкерлери жумысының кепилликлери анық белгилеп берилмекте.
Буннан тысқары, Администрацияның мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен бирге ислесиўи ҳәм байланыслары ҳуқықый тәртипке салынбақта.
Нызамды таярлаў процесинде бир қатар сырт мәмлекетлер, атап айтқанда, АҚШ, Финляндия, Чехия, Словакия, Румыния, Латвия, Қазақстан ҳәм басқа да мәмлекетлердиң тәжирийбелери үйренилген және талланған.
Нызамды мақуллаў процесслери Сенаттың рәсмий интернет платформалары арқалы тиккелей эфирде көрсетилди ҳәм сенаторлар тәрепинен кеңнен додаланды.
Сенаторлардың пикиринше, Конституциялық нызамның қабыл етилиўи Президент жумысын шөлкемлестириўшилик, ҳуқықый ҳәм аналитикалық жақтан тәмийинлеўдиң ҳуқықый механизмлерин жетилистириўге, мәмлекетлик уйымлар арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўге және басқарыў процесслериниң нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.
Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.
Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он сегизинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети