Исбилерменлер менен жақыннан пикирлесилди

142

Исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бүгинги күнде басшылардың алдына қойылған ўазыйпалардың баслы бағдарларының бирине айланып бармақта десек алжаспаған боламыз. Себеби, исбилерменлер өз бизнеси менен жаңа жумыс орынларын жаратыў арқалы халқымыздың турмыс жағдайын жақсылаў, соның менен бирге, экономикамыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосыў бойынша салмақлы жумысларды атқарып келмекте.

Оларды қыйнап киятырған мәселелерге шешим табыў бағдарындағы әмелий жумыслардың даўамы сыпатында гезектеги ушырасыў өткерилип, онда Мойнак, Қоңырат, Шоманай, Қанлыкөл ҳәм Хожели районларындағы исбилерменлердиң машқалалары тыңланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Дерек: @joqargikenes (видео)