«Экологиялық белсенди кәсиплик аўқамы жәмәәти» таӊлаўы жеӊимпазлары сыйлықланды

18

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеӊесиниӊ мәжилислер залында «Экологиялық белсенди кәсиплик аўқамы жәмәәти»  таӊлаўында жеӊимпаз болғанларды сыйлықлаў илажы өткерилди.

Бул илаж Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен өткерилип, онда кәсиплик аўқамларына ағза мәкеме ҳәм шөлкемлерде ислеўши хызметкерлер қатнасты.

Илажды өткериўден мақсет – кәрханаларда ҳәм шөлкемлерде қоршаған орталықтың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, топарларда экологиялық мәдениятты көтериў, бул бойынша кәсиплик аўқамларыныӊ орнын және де күшейтиў, соныӊ менен бирге, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын кеӊнен қолланыў ҳәм «жасыл  экономика»ға өтиў процесслеринде кәсиплик аўқамларыныӊ белсенди қатнасыўын тәмийинлеген ҳалда, экологиялық баслама менен шығып атырған кәсиплик аўқамлары жәмәәти арасында саламат бәсекилик орталығын пайда етиў ҳәм оларды мүнәсип хошаметлеўге итибар қаратылған.

Кәсиплик аўқамлары тек ғана хызметкерлердиӊ мәпин қорғаўға емес, ал олардыӊ экологиялық дүньяқарасын сәўлелендириўге де айрықша итибар қаратпақта.

Атап өтилгениндей, таӊлаў шеӊберинде кәсиплик аўқамлары тәрепинен бир қанша салмақлы жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, кәсиплик аўқамлары бағын жаратыў шеӊберинде кәрханалар менен мәкемелердиң аймағында көплеп мийўели ҳәм саяманлы терек нәллериниң егилиўи, жумыс орнында энергияны ҳәм суўды үнемлеўши илажлар алып барылып атырғанлығы, жумыс орнында зыянлы факторларды азайтыў, хызметкерлердиӊ саламатлығын сақлаў ҳәм қәўипсиз мийнет шараятын тәмийинлеў бойынша жәмәәтлик шәртнамасы шеӊбериндеги ўазыйпалар толық орынланбақта.

Илажларда таӊлаўдыӊ Қарақалпақстан Республикасы басқышында жеӊимпаз болғанлар мүнәсип тәризде сыйлықланды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги