1-класс оқыўшылары ушын “Президент саўғасы” жолға шықты

24

Мектеп босағасына биринши қәдем қойып атырған ҳәр бир бала ушын 1-сентябрь умытылмас күн болып есапланады.

Биринши қоңыраў, жаңа класс бөлмеси, биринши устаз ҳәм жаңа китаплар қатарында және бир қуўанышлы дәстүр – “Президент саўғасы” да биринши класс оқыўшыларын күтип алады. Бул ийгиликли баслама арқалы мыңлаған балаларға билим алыў ушын зәрүр оқыў қураллары топламы берилип, олардың билимлендириўге болған қызығыўшылығы ҳәм дәслепки қәдемлери қоллап-қуўатланады.

Быйылғы 2026-2027-оқыў жылы ушын мөлшерленген “Президент саўғасы” 12 түрдеги оқыў қуралынан ибарат. Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, оқыў қураллары 15-августқа шекем барлық аймақларға, 25-августқа шекем болса мектеплерге толық жеткерип бериледи. Саўғалар дәстүрий “Биринши қоңыраў” илажынан соң 1-класс оқыўшыларына тапсырылады.

Оқыў қураллары мәмлекетлик, мәмлекетлик емес ҳәм басқа да уйымларға қараслы мектеплердиң барлық 1-класс оқыўшыларына жеткериледи. Жаңа оқыў жылында 795 мыңнан аслам баланы 1-классқа қабыл етиў режелестирилген. 5-август жағдайына бола, 680 мыңнан аслам бала мектепке қабыл етилген, бул режениң 85 процентин қурайды.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА