Өзбекстан – Қазақстан: санаат кооперациясы ҳәм жаңа инвестициялық имканиятлар

Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында саўда-экономикалық байланысларды беккемлеў, инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, санаат кооперациясын раўажландырыў бойынша алып барылып атырған жумыслардың көлеми кеңеймекте.
Қазақстанның “Атамекен” Миллий исбилерменлер палатасы басшылығындағы делегацияның Ташкент қаласына сапары шеңберинде Өзбекстан-Қазақстан бизнес-форумы болып өтти.
Илажда Өзбекстан Саўда-санаат палатасының баслығы Даврон Ваҳобов, “Атамекен” Миллий исбилерменлер палатасы президиумының баслығы Канат Шараплаев, мәмлекетлик уйымлар ҳәм тармақ бирлеспелериниң басшылары, сондай-ақ, 300 ден аслам исбилермен топарлардың ўәкиллери қатнасты.
Форум даўамында саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, санаат кооперациясын раўажландырыў ҳәм экспорт потенциалын арттырыў мәселелери додаланды, делинеди Саўда-санаат палатасының мағлыўматында.
Атап өтилгениндей, 2025-жылдың жуўмақларына бола, Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы өз-ара саўда көлеми 4 миллиард 969 миллион АҚШ долларын қурап, 2024-жылға салыстырғанда 11,4 процентке артқан.
Форумда Қазақстанның қурылыс, агросанаат, жеңил санаат, машина қурылысы, логистика, медицина, мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм басқа да бағдарларда жумыс алып баратуғын 100 ден аслам жетекши компанияларының ўәкиллери қатнасты.
М.ҲОЖИАКБАРОВА, ӨзА