Халықаралық туқымгершилик көргизбесинде Өзбекстан потенциалы көрсетилмекте

20

Қытай Халық Республикасының Синьцзян-Уйғур автоном районында өткерилип атырған “The 11th China Xinjiang Seed Exhibition and Trade Fair 2026” (ХI Қытай-Синьцзян халықаралық туқымлар көргизбеси ҳәм саўда ярмаркасы 2026) халықаралық көргизбесинде Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Туқымгершиликти раўажландырыў орайы өзиниң айрықша стенди менен қатнаспақта.

Көргизбеде Орайдың директоры Шуҳрат Отажонов басшылығындағы делегация қатнасып, мийманларға елимиздиң туқымгершилик системасы, перспективалы сортлар, әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм халықаралық бирге ислесиў бағдарлары ҳаққында толық мағлыўмат бермекте.

Көргизбе даўамында Туқымгершиликти раўажландырыў орайының стендинде Өзбекстанда жаратылған аўыл хожалығы егинлериниң туқымлары, тараўда әмелге асырылып атырған инновациялық жойбарлар ҳәм заманагөй көзқараслар көрсетилмекте.

Бул халықаралық көргизбе Өзбекстан ҳәм Қытай арасында бир неше жыллардан берли избе-из раўажланып атырған туқымгершилик тараўындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.

Саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў, сапалы туқымлық өнимлерин алмасыўды жолға қойыў, заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша ерисилетуғын келисимлер еки мәмлекет арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге тийкар жаратады.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА