Халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде Өзбекстанның орны күн сайын жақсыланбақта

Халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислесиў бойынша республикалық кеңестиң гезектеги мәжилиси болып өтти.
Сенат Баслығы, Халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислесиў бойынша республикалық кеңестиң баслығы Танзила Норбоева басқарған мәжилисте мәмлекетимизде алып барылған реформалар нәтийжесинде бир қатар халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде Өзбекстанның орны жақсыланып атырғаны атап өтилди.
Усы жылдың өткен дәўиринде “Fitch Ratings” ҳәм “S&P” агентликлери Өзбекстанның суверен кредит рейтинги күтилмесин “турақлы”дан “унамлы”ға көтерди. “Moody’s” агентлиги республиканың кредит рейтинг баҳасын “Ва3” “унамлы” күтилместен 1 басқышқа жоқары “Ва2” “турақлы”ға көтерди.
Экономикалық еркинлик индексинде Өзбекстан 14 текшеге көтерилип, 184 мәмлекет арасында 86-орынды ийеледи. Республикамыз 60,3 балл менен биринши мәрте “орташа еркин” (“moderately free”) мәмлекетлер қатарына кирди. Алдынғы жыллары “тийкарынан еркин болмаған” мәмлекетлер қатарында болған.

“Ҳаял-қызлар, бизнес ҳәм нызам” индексинде Өзбекстан 43 текшеге көтерилип, 190 мәмлекет арасында 48-орынды ийеледи. Өзбекстан гендер теңлик тараўында ең үлкен нәтийжелерге ерискен әҳмийетли ҳуқықый реформаларды әмелге асырған мәмлекетлер қатарына киргизилип, ҳаял-қызлардың экономикалық жумысын қоллап-қуўатлаў бағдарында топ-5 (Орайлық Азияда биринши, Европада үшинши) мәмлекетлер қатарынан орын алды.
Мәжилисте реформалардан келип шығып, жаңа тийкарғы халықаралық рейтинглер менен ислесиў зәрүрлиги жүзеге келип атырғаны атап өтилди.
Жасалма интеллект тараўын избе-из раўажландырыў, санлы технологияларды кеңнен енгизиў ҳәм халықаралық усыныслар тийкарында елимиздиң бул бағдардағы позицияларын беккемлеў үлкен әҳмиетке ие болмақта. Бул бағдарда “Oxford Insights” халықаралық шөлкеминиң Ҳүкиметтиң жасалма интеллектке таярлық индексин жүргизиў басланғанынан берли (2020-жылдан) көрсеткишлер 33 текшеге жақсыланған (2025-жылы 62-орын, 2020-жылы 95-орын) ҳәм Өзбекстан ҒМДАда ең жоқары нәтийжеге ерискен мәмлекетке айланған.

Қоршаған орталықты қорғаў нәтийжелилигин арттырыў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў және халықаралық шөлкемлердиң усыныслары тийкарында экологиялық сиясатты буннан былай да жетилистириў зәрүрлигине итибар қаратылды. Соның ишинде, АҚШтың Йель университети ҳәм Колумбия университети тәрепинен жүргизилетуғын Қоршаған орталық нәтийжелилиги индексинде 2026-жылы Өзбекстан 177 мәмлекет арасында 121-орынды ийелеген (2024-жылы 107-орын еди).
Бул индекслерди тийкарғы халықаралық рейтинглер қатарына киргизип, системалы жумысларды алып барыў усыныс етилди.
Мәжилисте елимиздиң социаллық-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый тараўға байланыслы тийкарғы халықаралық рейтинглердеги орнын жақсылаў бойынша 2026-жылға мөлшерленген илажлар режесиниң орынланыў жағдайы көрип шығылды.
Додалаў жуўмағында Өзбекстан ушын тийкарғы әҳмийетке ийе халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде мәмлекетимиздиң позициясын буннан былай да жақсылаў бойынша қосымша илажлар ислеп шығыў ўазыйпалары белгиленди ҳәм Республикалық кеңестиң тийисли қарары қабыл етилди.
Н.Абдураимова, ӨзА