Исбилерменнен газ ушын тийкарсыз өндирилген төлемниң қайтарылыўы тәмийинленди

14

Қарақалпақстан Республикасы Бәсекилик комитети тәрепинен Төрткүл районындағы «Burgutqal’a Saodati» фермер хожалығының мүрәжаты бойынша үйрениўлер өткерилди.

Үйрениўлер даўамында газдиң жумсалыўын есаплаўда газ бөлистириў станциясында (ГБС) орнатылған тийкарғы есаплағыштың орнына шақапшадағы екинши есаплағыштың жоқарырақ көрсеткишлери тийкар етип алынғаны анықланды. Нәтийжеде, газ көлеми жасалма түрде арттырып есапланған ҳәм газ узатыў шөлкеминиң есаплағышы менен есапланған көлем арасында 42149 куб метр айырмашылық пайда болған.

– Комитеттиң қәнигелери тәрепинен өткерилген үйрениўлер даўамында екинши есаплағыштың көрсеткишлери тийкар етип алыныўы нызамшылық талапларына муўапық емеслиги, есаплағышлар арасындағы айырмашылыққа газ тәмийнаты шөлкеми тәрепинен жетерли техникалық ямаса метрологиялық тийкарлар берилмегени ҳәм бул жағдай нәтийжесинде исбилерменнен дерлик 96 миллион сумнан аслам қаржы тийкарсыз артықша өндирилгени анықланды, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Бәсекилик комитетиниң бас кәнигеси Қурбанбай Сейтмуратов. – Жоқарыдағыларға бола, Комитеттиң Арнаўлы комиссиясы тәрепинен ис қозғатылды.

Сондай-ақ, анықланған нызамбузыўшылықларды сапластырыў ҳәм фермер хожалығынан артықша есапланған қаржыны ықтыярлы түрде қайта есап-санақ етип қайтарыў бойынша орынланыўы мәжбүрий болған көрсетпе берилди.
«Hududgazta’minot» АЖ тәрепинен бул қарыздарлық корпоратив есап-санақ системасы арқалы қайта есаплап шығылып, 96 миллион сумнан артық қаржы «Burgutqal’a Saodati» фермер хожалығының пайдасына шешилиўи тәмийинленди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги