Елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар үгит-нәсиятланды

Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик Ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы мүнәсибети менен өткерилип атырған үгит-нәсият илажлары шеңберинде Нөкис қаласындағы “Алланияз Қаҳарман” МПЖ аймағында гезектеги үгит-нәсият илажы шөлкемлестирилди.
Илаж даўамында мәҳәлле халқы менен ашық сөйлесиў өткерилип, соңғы жылларда елимизде әмелге асырылған кең көлемли реформалар, халықтың турмыс абаданлығын арттырыў, тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеў, аймақларды комплексли раўажландырыў бағдарында ерисилип атырған нәтийжелер ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етилди.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары, халықтың социаллық қорғалыўын күшейтиўге қаратылған илажлар ҳәм партияның бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпалары бойынша да түсиниклер берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги