Фотобиореакторлы экологиялық шертек қурылды

Бүгин Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан Республикасы филиалы имараты жанында фотобиореакторлы экологиялық шертектиң ашылыў мәресими өткерилди.
Бул Өзбекстан көлеминде ашылған қайта тиклениўши энергетика, биотехнологиялар ҳәм заманагөй қала инфраструктурасын бирлестирген биринши пилот көргизбе объекти болып есапланады.
Бул жойбар “Юксалиш” ҳәрекетиниң басламасы менен әмелге асырылып, объектти жойбарластырыў, ислеп шығыў, таярлаў ҳәм орнатыў жумыслары “Жас илимпазлар академиясы” ЖШЖ қәнигелери тәрепинен жергиликли илимпазлардың ҳәм инженерлердиң қатнасыўында орынланды.
Жойбардың тийкарғы элементи фотобиореактор болып, онда Өзбекстан илимпазлары тәрепинен ажыратып алынған ҳәм жергиликли климат шараятына бейимлестирилген жергиликли микроал штаммы жетистириледи. Микроалгалар қуяш нуры, суў ҳәм карбонат ангидрид (СО2) жәрдеминде фотосинтез процесин әмелге асырып, кислород ҳәм биомасса пайда етеди.
Комплекс толық автоном түрде ислейди. Қуяш панельлери ислеп шығаратуғын электр энергиясы аккумуляторларда сақланады ҳәм фотобиореактор, суў айланыў системасы, аэрация, жақтыландырыў ҳәм мобиль қурылмаларды қуўатландырыў ушын жумсалады.
Жойбардың тийкарғы мақсети – жергиликли илимий қолланбаларды әмелиятқа енгизиў, экологиялық технологияларды ғалаба ен жайдырыў және қайта тикленетуғын энергия ҳәм биотехнологияларды қала инфраструктурасында қолланыў имканиятларын көрсетиў болып есапланады.




Бул объект келешекте микроалгаларды жетистириў технологияларын раўажландырыў, илимий изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм Өзбекстанда “жасыл” технологияларды кеңнен енгизиў ушын көргизбе майданшасы сыпатында хызмет етеди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги