Шарўашылықта нәсилшиликти тәмийинлеў әҳмийетли процесс

32

Елимизде шарўашылықты буннан былай да раўажландырыў, соның ишинде, тараўда нәсилшилик ҳәм өнимдарлық көрсеткишлерин жақсылаў, селекция-нәсилшилик жумысларын дурыс жолға қойыў, гөш ҳәм сүт жетистириўдиң көлемин арттырыў, сондай-ақ, тараўға заманагөй технологиялар ҳәм алдынғы тәжирийбелерди кеңнен енгизиў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Шарўашылық тармағы ҳәм жайлаў хожалығын заманагөй басқарыў системасы ҳәм жаңаша көзқараслар тийкарында раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары және тараўға тийисли ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер қолланба болып хызмет етпекте.

Бул ҳүжжетлердиң әмелдеги орынланыўы бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Ф.Нурмуҳаммадов басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясы Қытай мәмлекетине барды. Сапар шеңберинде Қытайдың “Hualing Yecheng Agriculture and Animal Husbandry Development Co., Ltd.” ЖШЖ ҳәм “Ўрта қала чорва моллари” ЖШЖ арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

Келисим бойынша үш жыл даўамында Қарақалпақстанға 50 мың бас нәсилли қарамал алып келиниўи белгиленген. Жойбардың дәслепки басқышында 200 бас нәсилли қарамал алып келинип, оларды бағыў ҳәм көбейтиў жумыслары жолға қойылды.

Бундай халықаралық бирге ислесиў жойбарлары аймақларда шарўашылықты турақлы раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги