Шахстың жасаў орны ямаса турған жери бойынша дизимнен өтпестен жасаўы қандай жуўапкершиликке себеп болады?

56

Бизге белгили, инсан ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм жәмийетте нызам үстинлигин беккемлеў ҳәр қандай демократиялық мәмлекеттиң бас мақсети. Усы көзқарастан, елимизде жасап атырған пуқаралығы болмаған шахслардың (ПБШ) ҳуқықый статусын тәртипке салыў ҳәм олардың жасаў орны бойынша есапта турыўын тәмийинлеў ишки қәўипсизлик ҳәм социаллық қадағалаўдың әҳмийетли буўыны болып есапланады.

Соңғы жыллары Өзбекстан Республикасында миграция нызамшылығын либералластырыў бағдарында үлкен реформалар әмелге асырылған болса да, жасаў ҳәм турған жери бойынша дизимнен өтиў миннетлемеси қатаң белгиленген ҳуқықый норма болып қалмақта.

Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Юридикалық клиникасының хызметкери Имомали Туев бул бойынша төмендегилерди мәлим етти:

– Өзбекстан Республикасы пуқарасының, Өзбекстан Республикасында турақлы жасайтуғын сырт ел пуқарасының ҳәм пуқаралығы болмаған шахстың жасаў орны ямаса турған жери бойынша дизимнен өтпестен жасаўы, базалық есаплаў муғдарының 3 есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

Бул ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғаннан кейин 1 жыл даўамында қайтадан исленген болса, базалық есаплаў муғдарының 5 есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

Өзбекстанда жасап атырған ҳәр бир инсан – ол пуқара бола ма, шет елли бола ма ямаса пуқаралығы болмаған шахс бола ма мәмлекет нызамларына әмел етиўи шәрт. Әсиресе, жасаў ямаса турған жери бойынша турақлы ҳәм ўақтынша дизимнен өтиў мәселеси күнделикли турмыста ең көп ушырасатуғын, бирақ көбинесе итибардан шетте қалатуғын ҳуқықый миннетлемелерден бири болып есапланады.

Гулноза Бобоева, ӨзА