Шарўашылық ҳәм қусшылықты раўажландырыў илажлары додаланды

20

Президент Шавкат Мирзиёев 5-август күни шарўашылық ҳәм қусшылық тармақларын раўажландырыў, гөш ҳәм сүт өнимлерин ислеп шығарыўды көбейтиў және тараўға заманагөй технологияларды енгизиў илажлары бойынша презентация менен танысты.

Елимизде халықтың саны ҳәм туризм ағымының өсиўи азық-аўқат өнимлерине болған талапты да арттырмақта. Ҳәзирги күнде гөшке болған жыллық талап 2 миллион 150 мың тоннаны, өндирис көлеми болса 1 миллион 600 мың тоннаны қурамақта.

Сол себепли, презентацияда 2026-2028-жылларда шарўашылық өнимлерин ислеп шығарыў көлемин арттырыў бойынша ислеп шығылған комплексли илажлар додаланды.

Жумыс ислемей атырған кәрханаларды тиклеў, шарўашылыққа қәнигелескен районларды қоллап-қуўатлаў, халықтың үйлеринде жеңил конструкциялы малханалар қурыў ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыў есабынан қосымша 190 мың тонна гөш ислеп шығарыў имканияты бар екенлиги атап өтилди.

Соның ишинде, жумысы тоқтап қалған 103 шарўашылық кәрханасын саламатландырыў режелестирилген. Олардың қарызларын реструктуризациялаў ямаса он жылға бөлип төлеў, от-жем жетистириў ушын жер майданларын ажыратыў ҳәм нәсилли маллар менен тәмийинлеў усыныс етилди. Нәтийжеде 33 мың бас қарамал бағылып, жылына 12 мың тонна гөш ҳәм 40 мың тонна сүт ислеп шығарыў имканияты жаратылады.

image

Шарўашылыққа қәнигелескен 13 районда 75 мың гектар от-жем майданынан нәтийжели пайдаланыў, киши шарўашылық жойбарларын қаржыландырыў, сүт қабыллаў пунктлери ҳәм от-жем сатыў шақапшаларын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, халықтың шаңарақларында 20 сотых майданда жеңил конструкциялы 11 мың қарамалхана қурыў ҳәм оларда 421 мың бас қарамал бағыў режелестирилген.

Улыўма баҳасы 3 триллион сум болған 802 жаңа жойбар шеңберинде 68 мың бастан аслам қарамал және 186 мың бас қой ҳәм ешки бағыў нәзерде тутылған. Бул жойбарлар жылына қосымша 20 мың тонна гөш ҳәм 120 мың тонна сүт ислеп шығарыў имканиятын береди.

Қарақалпақстан мысалында шарўашылық комплекслерин саламатландырыў бойынша жасалма интеллект жәрдеминде таярланған таллаў нәтийжелери де көрип шығылды. Үйренилген 20 комплекстиң қарызы 109,6 миллиард сумды қурап, олардың ярымы жоқары қәўипли категорияға киргизилген. Көпшилик объектлерде азықлық майданлары ҳәм зәрүр инфраструктура жетерли емес.

Соннан келип шығып, қарыз жүгин жеңиллетиў, от-жем базасын қәлиплестириў, комплекслерди дәслеп пилот тәртибинде, кейин ала басқышпа-басқыш иске қосыў ҳәм нәсилли маллар менен тәмийинлеў бойынша усыныслар билдирилди.

Монголиядан 150 мың бас қой, Қытай ҳәм Европа мәмлекетлеринен 100 мың бас нәсилли қарамал, Беларусь Республикасынан 2 мың бас қарамал алып келиў режелестирилмекте. Бул арқалы жылына қосымша 44 мың тонна гөш ислеп шығарыў имканияты жаратылады.

Улыўма, шарўашылық тармағын раўажландырыў ушын 463 миллион доллар муғдарында қаржы қаратыў нәзерде тутылған.

Халықтың шаңарақларын ҳәм шарўашылыққа қәнигелескен мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Республикада 191 районда 2 мың 407 шарўашылыққа қәнигелескен мәҳәлле болып, оларда 823 мың шаңарақ ҳәм 3,9 миллион халық жасайды.

image

Бул шаңарақларға арзан шарўа малларын жеткерип бериў, сыйырларды жасалма туқымландырыў, от-жем тәмийнаты ҳәм зооветеринария хызметлерин жақсылаў, нәсилли бузаўларды идентификациялаў және олар ушын субсидия ажыратыў усыныс етилди. Нәтийжеде шаңарақларда шарўа бас саны ҳәм өнимдарлық артыўы, халық ушын қосымша дәрамат дереклериниң жаратылыўы күтилмекте.

Нәсилшилик тараўында 13 районда ҳәр бири 200 бас қарамалға мөлшерленген хожалықлар шөлкемлестириў, жылына 500 мың бас сыйырды таңлап алынған туқым менен жасалма туқымландырыў ҳәм ембрион трансплантациясы технологияларын кеңнен енгизиў режелестирилген.

Презентацияда Өзбекстан шарўалар ассоциациясын шөлкемлестириў усынысы да көрип шығылды. Жаңа структура шарўалардың мәплерин қорғаў, кооперацияны раўажландырыў, нәсилшилик жумыслары, илимий изертлеў ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў, финанслық жәрдем көрсетиў ҳәм сыртқы базарларға шығыўға жәрдемлесиў менен шуғылланады.

Фермерлер ҳәм халық ушын “Smart Fermer” бирден-бир санлы жәрдемшиси де усынылды. Мобиль қосымша арқалы шарўа малларын идентификациялаў, ветеринар шақырыў, жасалма туқымландырыў, азықландырыў ҳәм жайлаўларды басқарыў бойынша мағлыўмат алыў, субсидияларға мүрәжат етиў ҳәм жасалма интеллект тийкарында мәсләҳәт алыў мүмкин болады.

Қусшылық тараўында улыўма баҳасы 432 миллион доллар болған жойбарларды әмелге асырыў нәзерде тутылған. Бул жойбарлар есабынан 2028-жылға шекем қосымша 100 мың тонна қус гөшин ислеп шығарыў, азық-аўқат қуўатлылығын 3,3 миллион тоннаға жеткериў ҳәм заманагөй сойыў системасының қамтып алыўын 20 проценттен 50 процентке арттырыў мақсет етилген.

Мәмлекетимиз басшысы жойбарлардың экономикалық нәтийжелилигин терең таллаў, қаржыларды мәнзилли бағдарлаў, санлы есап ҳәм мониторингти жолға қойыў, ишки базарды сапалы ҳәм арзан өнимлер менен турақлы тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.

ӨзА