Қәтелер – үлкен табыслар гилти

184

Пикир

Ақыллы адамлар басқалардан ҳәр қандай жағдайға болған мүнәсибети ҳәм қабыл еткен қарарлары менен ажыралып туради. Олар, бәринен бурын, ақыл тәрезиси өлшемин аңлаған инсанлар. Соның ушын да бундай инсанларға жақын болыў, олардан жасаў даналығын өзлестириў әҳмийетли болып есапланады.

Адамзат өмир жолларында түрли жумбақларга дус келеди. Тәбийий, бунда ҳәр ким қәтеге жол қойыўы мүмкин. Гәп сонда, қәтелескен адамға әтирапындағылардың мүнәсибети көпшилик жағдайларда унамлы болмайды. Әсиресе, бизиң менталитетимизде бала есин билгели, қәтелеспеўге шақырылады. Ашынарлысы, алжасса, кеширилмейтуғыны уқтырады. Бул болса бала санасында үлкен тосық пайда болыўына алып келеди. Солай етип, баланың компетенциясы қәпеске салынған қустай буўылады.

Биз жоқарыда бийкарға ақыллы адамлар пазыйлетлери ҳаққында сөз етпедик. Себеби, олар ҳеш қашан адасыўды қадаған етпейди. Себеби өзлери де қәтелерден шығарылған дурыс жуўмақлар нәтийжеси сыпатында ақыллы болған.

– Ең жоқары илимлер де қәтеликлер нәтийжеси болып есапланады”, дейди көплеген руўхый-ағартыўшылық шығармалардың авторы, филология илимлериниң кандидаты Абдумурод Тиловов. – Бәркамал әўлад жетистириўдиң тийкарғы талабы – пикирлеў саламатлығы болып есапланады. Солай екен, перзент тәрбиясында қәте ислеўге ҳәм оны өз ўақтында дүзетиўге имканият бериў лазым.

Жуўмақлап айтқанда, нәтийже күтиўден алдын ҳәрекет әҳмийетли. Ҳәрекет еткен ҳәр қандай адам болса алжасыўы тәбийий. Шыңға жетип барғанша ҳәр қандай жолдан жүрип көрилгендей, унамлы нәтийжеге ерискенше утылыўлар ушырасыўы анық. Солай екен, қәтелер үлкен табыслардың гилти екенин умытпайық. Перзентлер тәрбиясында болса буған айрықша итибар қаратыўды да…

Шербек Исломов,

ӨзА