Кадастр агентлигиниӊ жумысы жаӊаша қатнаслар тийкарында шөлкемлестириледи

Президент Шавкат Мирзиёев Кадастр агентлигиниң жумысын жаңаша көзқараслар тийкарында шөлкемлестириў, халық ҳәм исбилерменлерге көрсетилип атырған хызметлерди әпиўайыластырыў бойынша усыныслардың презентациясы менен танысты.
Кейинги еки жылда 1 миллион 200 мыңнан аслам көшпес мүлк объекти хатлаўдан өткерилди. Нәтийжеде қосымша 16,5 мың гектар жер ҳәм 49 миллион квадрат метр қурылыс майданы анықланды.
Анықланған объектлердиң 270 мыңы кадастр базасына киргизилип, бюджет ушын жылына 315 миллиард сум муғдарында қосымша салық базасы жаратылды. Кадастр хызметлериниң 90 проценти онлайн түрде көрсетилмекте.
Соның менен бирге, тараўда халық ҳәм исбилерменлерди ойландырып атырған машқалалар сақланып қалып атырғаны атап өтилди.
Усы жылдың биринши ярымында кадастр хызметлеринен пайдаланыў бойынша 1 миллионнан аслам арза келип түскен болса, олардың 330 мыңы ямаса 30 проценти бийкар етилген. Яғный әмелде ҳәр үш арзаның биреўи қанаатландырылмаған.

Бундай жағдайлар пуқаралардың артықша ўақыт ҳәм қаржы жумсалыўына, мәселесин шешиў ушын және басқа уйым ямаса шахсларға мүрәжат етиўине себеп болып, коррупциялық қәўип-қәтерлерди де күшейтпекте.
Хызметлерди санластырыў процесинде барлық қарарларды орайласқан тәртипте қабыл етиў әмелиятының қәлиплескени де халық ушын артықша тосқынлықларды пайда еткен.
Атап айтқанда, турақ жай емес объекттиң категориясын өзгертиў ушын ўәлаят ямаса республика дәрежесиндеги шөлкемниң келисими талап етилмекте. Бир мәселени шешиў ушын пуқаралардан бир неше мәрте арза тапсырыў ҳәм ҳәр бир арза ушын өз алдына төлем төлеў соралмақта.
Мәселен, бир ҳәўлини аға-ини арасында бөлиў ушын төрт, бир мийрасты үш бөлекке бөлиў ушын болса алты арза талап етиледи. Бир арза район, ўәлаят ҳәм республика дәрежесинде 30-50 басқышта көрип шығылып, процесс орташа 15-20 күнге созылмақта.
Презентацияда агентликтиң басқарыў структурасы да сын көзқарастан талланды.

Ҳәзирги ўақытта район ҳәм ўәлаят дәрежесинде Кадастр агентлиги және Кадастр палатасының өз алдына аймақлық бөлимлери болып, система әмелде еки басшы тәрепинен басқарылмақта.
Системадағы хызметкерлердиң 56 процентин басшы ҳәм қадағалаўшылар, 44 процентин болса тиккелей орынлаўшылар қурайды. Жумысқа қабыл етиў процесслериниң қурамалылығы себепли 700 ден аслам жумыс орны вакант қалмақта. Хызметкерлердиң 40 проценти өз қәнигелиги бойынша ислемей атыр.
Қалаберди, ўәлаят дәрежесиндеги басшыларға районлық бөлимлердиң басшыларына интизамый шара көриў ўәкиллиги берилмеген. Нәтийжеде атқарыўшы хызметкерлердиң жумыс жүклемеси артып, мийнетине ҳақы төлеў дәрежеси төменлигинше қалмақта.
Сонлықтан, кадастр хызметлерин басқышпа-басқыш төменги буўынға түсириў ҳәм аймақлық бөлимлердиң ўәкилликлерин кеңейтиў усыныс етилди.
Республика дәрежесинде ислеп атырған хызметкерлердиң кеминде 30 процентин районларға өткериў, республика, ўәлаят ҳәм район дәрежесиндеги Кадастр палатасы ҳәм хызмет көрсетиў структураларын бирлестириў нәзерде тутылмақта. Бул арқалы аймақлық бөлимлердиң еркинлиги ҳәм жуўапкершилиги арттырылады, хызметлер пуқараларға жақынластырылады.
Структуралық өзгерислер процесинде халық сергиздан болмаўы ушын бир ҳәпте мүддетте “Кадастр мәсләҳәт мүйеши” ҳәм “Оператив кадастр” хызметлерин жолға қойыў ўазыйпасы белгиленди.

Агентлик жумысын “бир арза – бир төлем” принципи тийкарында шөлкемлестириў бойынша усыныслар да көрип шығылды.
Жаңа тәртипке бола, көшпес мүлкке ҳуқық пайда болғанда арза автомат түрде қәлиплестирилип, проактив хызмет көрсетиледи. Бул арқалы бир жылда 1 миллион 200 мың арза бериўшиниң ўақты ҳәм қаржысы үнемленеди. Кадастрға байланыслы барлық хызметлерди бир арза тийкарында көрсетиў жолға қойылып, жылына 200 мың артықша арза қысқартылады.
Көшпес мүлкке болған ҳуқықты дизимнен өткериў процеси толық онлайн түрге өткериледи. Нәтийжеде жылына 500 мың арзаны әмелдеги 10-15 күн орнына бир неше секундта дизимнен өткериў имканияты жаратылады.
Соның ишинде, нызамсыз қурылыс ықтыярлы түрде сапластырылған жағдайда жуўапкершиликти жеңиллетиў усыныс етилди. Сондай-ақ, көшпес мүлк ҳуқықын дизимнен өткериў ушын белгиленген мүддетте арза берилмеген жағдайда биринши мәрте жәрийма орнына ескертиў бериў нәзерде тутылмақта.
Жуўапкерлерге хызметлерди әпиўайыластырыў, артықша басқыш ҳәм төлемлерди қысқартыў, қарар қабыл етиў ўәкилликлерин төменги буўынға түсириў және тараў хызметкерлериниң мийнет шараятларын жақсылаў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.
ӨзА