Коммуналлық хызметлер сапасы – халықтың абаданлығы ҳәм разылығының әҳмийетли факторы

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Төрткүл районында болып, халыққа сапалы коммуналлық хызмет көрсетиў, турақ жайлар, экономика тармақлары ҳәм социаллық тараў объектлерин гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў жумысларының жағдайын үйренди.
Елимизде адамлардың күнделикли турмысы, абаданлығы, денсаўлығы ҳәм кейпиятына тиккелей байланыслы бул мәселелерге турақлы итибар қаратып келинбекте. Атап айтқанда, “Ғалаба” мәҳәллесиндеги трансформатор пунктиниң жумысы көзден өткерилип, электр тармақларындағы жоғалтыўларды азайтыў ҳәм үзликсиз узатыўды тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар талланып, анықланған кемшиликлерди жеделлик пенен сапластырыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығы “Уллыбағ” АПЖдағы газ бөлистириў қурылмаларының ислеў жағдайы ҳәм энергияны үнемлеўин көзден өткерди. “Ибн Сино” мәҳәллесиниң Төрткүл көшесинде алып барылып атырған газ тармағын реконструкциялаў процеси менен жақыннан танысты.
Мәнзилли үйрениўлер даўамында газ қубырларын тәртипке келтириў, бояў ҳәм газ шығыўының алдын алыў арқалы қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша анық көрсетпелер белгиленди. Бул тараўлардағы жумысларды избе-из даўам еттириў, барлық турақ жайлар, мектеп, емлеўхана ҳәм басқа да социаллық объектлердиң гүзги-қысқы мәўсимде жыллы болыўын тәмийинлеў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгиленип, жуўапкерлерге зәрүр көрсетпелер берилди.

Буннан кейин Жоқарғы Кеңес Баслығы нураныйлар ҳәм мәҳәлле белсендилери менен ушырасып, аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўға қаратылған кең көлемли реформалар бойынша пикир алысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги