Нефть-газ тармағындағы жумыслардың жағдайы көрип шығылды

75

Президент Шавкат Мирзиёевқа “Өзбекнефтьгаз” акционерлик жәмийетиниң усы жылдың биринши ярымындағы жумысы ҳәм жылдың ақырына шекемги тийкарғы ўазыйпалары бойынша есабат берилди.

Усы жылдың биринши ярымында жәмийет тәрепинен 11,5 миллиард куб метр тәбийий газ қазып шығарылды. Ҳәзирги ўақытта нефть, дизель жанылғысы, авиакеросин ҳәм суйылтылған газ ислеп шығарыў көлеми прогноз көрсеткишлеринен жоқары болды.

Жылдың ақырына шекем 1 миллион 100 мың тонна автобензин, 983 мың тонна дизель жанылғысы, 310 мың тонна авиакеросин, 606 мың тонна суйылтылған газ ҳәм дерлик 1 миллион 180 мың тонна синтетикалық өним ислеп шығарыў нәзерде тутылған.

Дүньядағы геосиясий жағдай кескинлесиўи нәтийжесинде Орайлық Азия жөнелисинде авиақатнаўлар саны артып бармақта. Соның ишинде, Өзбекстанға әмелге асырылып атырған рейслер саны 2025-жылға салыстырғанда көбейген. Усы жылдың июль-декабрь айларында авиакеросинге болған талап 375 мың тоннаны қурайтуғыны, яғный өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 27 процентке өсиўи күтилмекте. Оның тийкарғы бөлеги жергиликли нефтьти қайта ислеў заводлары есабынан қапланады.

image

Соның менен бирге, айырым бирге ислесиўши еллерде нефть өнимлери экспортына шеклеўлер енгизилгени себепли альтернатив дереклерден, соның ишинде, Грузия, Ирақ ҳәм басқа да мәмлекетлерден авиакеросин импорт етиў жолға қойылды.

Геологиялық-излеў жумысларының сапасы ҳәм көлемин арттырыў мақсетинде “Өзбекгеофизика” акционерлик жәмийетин модернизациялаў режелери ҳаққында да мәлимлеме берилди. Таў-геофизика үскенелерин жаңалаў ҳәм заманагөй дала 3D сейсмикалық комплексин сатып алыў ушын 38,8 миллион доллар қаратыў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, сырт ел компаниялары, атап айтқанда, АҚШтың “Schlumberger” компаниясы менен биргеликте сейсмикалық мағлыўматларды қайта ислеў орайын шөлкемлестириў бойынша жумыслар алып барылып атырғаны мәлим етилди. Орайда заманагөй суперкомпьютер комплекси орнатылады, жаңа бағдарламалық тәмийнатлар сатып алынып, сейсмикалық изертлеўлерде жасалма интеллекттен кеңнен пайдаланыў жолға қойылады.

Бул илажлар есабынан жыллық 3D сейсмикалық изертлеўлер майданы 1 мың 800 квадрат километрден 5 мың квадрат километрге, үйрениў тереңлиги болса 4,5 мың метрден 8 мың метрге жеткериледи. Таярланатуғын перспективалы геологиялық структуралардың саны 19 дан 30 ға артады.

image

Қудықлар қурылысында жоқары температура ҳәм басымға шыдамлы материаллар, ултрасесли каротаж, реал ўақыт режиминде геофизикалық қадағалаў ҳәм горизонталь бураўлаў технологияларын енгизиў илажлары белгиленген. Бул қыйын геологиялық шараятларда қудықлардың исенимлилигин арттырыў, өнимдар қатламлардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жоқары дебитке ерисиў имканиятын береди.

Мәмлекетимиз басшысы халық ҳәм экономика тармақларын нефть өнимлери менен турақлы ҳәм үзликсиз тәмийинлеў илажларын көриў бойынша тапсырмалар берди.

Сондай-ақ, тармақ кәрханаларын технологиялық жаңалаў, энергия нәтийжелилигин арттырыў, өндирис қәрежетлерин қысқартыў ҳәм белгиленген илажлардың орынланыўын қатаң қадағалаў ўазыйпасы қойылды.

image

                                                                                 ӨзА