Исеним ҳәм интеграция: Өзбекстан-Қырғызстан қатнасықларында жаӊа тарийхый басқыш

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың мирәт етиўине бола 30-июль – 1-август күнлери мәмлекетлик сапар менен усы елде болды.
Рәсмий емес Мәсләҳәт ушырасыўы шеңберинде 1-август күни Өзбекстан, Қырғызстан, Қазақстан ҳәм Тәжикстан Президентлери Ыссықкөлде суў-мотор спорты бойынша Қырғызстан Гран-присиниң салтанатлы ашылыў мәресиминде қатнасты.

Жетекшилер жарыс қатнасыўшылары ҳәм мийманларын қутлықлады.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өмирлик жолдасы менен биргеликте спортшылардың сайлап алыў жарысын бақлады.


Гран-при Халықаралық суў-мотор спорты аўқамының қәўендерлигинде өткерилип атырған “суўдағы Формула-1” аты менен белгили болған F1H2О жәҳән чемпионатының екинши басқышы болып есапланады. Жарысларда ҳәр жылы түрли мәмлекетлерден профессионал команда ҳәм спортшылар қатнасады. Жәҳән чемпионаты басқышы Орайлық Азияда биринши мәрте өткерилмекте.


Бағдарламадан шынығыўлар, сайлап алыў басқышы ҳәм саатына 220 километрден артық тезликте ҳәрекетленетуғын тез жүрер қайықлардағы тийкарғы жарыс орын алған.

Мәмлекетимиз басшысы сапардың биринши күни Шолпаната қаласында қырғызстанлы кәсиплеси менен тар шеңберде ҳәм рәсмий делегациялардың қатнасыўында сөйлесиўлер өткерди. Ушырасыўларда ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын және де тереңлестириў, саўда көлемин арттырыў, санаат кооперациясын раўажландырыў, транспорт тараўында өз-ара байланыслылықты беккемлеў, суў-энергетика ҳәм мәдений-гуманитарлық бағдарларда бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Еки тәреплеме бирге ислесиўди ең жоқары дәрежеге алып шығатуғын Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылыўы саммиттиң әҳмийетли нәтийжеси болды. Мәмлекетлераралық кеңес дүзиў бойынша келисимге ерисилди.
Сондай-ақ, мәмлекетлик шегара, социаллық қорғаў ҳәм пенсия тәмийнаты, жоқары билимлендириў, пуқаралардың келип-кетиўи, мәденият, туризм ҳәм агросанаат комплексине байланыслы салмақлы ҳүжжетлер топламы алмасылды.
Өз-ара товар алмасыўдыӊ көлемин 3 миллиард долларға жеткериў, санаат кооперациясы бойынша жаңа жойбарларды әмелге асырыў, “Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан” темир жолы бойлап инфраструктураны раўажландырыў ҳәм Қамбарата ГЭС-1ди қурыў жойбарын жеделлестириў бойынша анық илажлар белгиленди.
Сапар етиў шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қырғызстанның жоқары мәмлекетлик сыйлығы – I дәрежели “Манас” ордени менен сыйлықланғаны терең рәмзий мәниге ийе. Бул сыйлық тек ғана дипломатиялық протокол емес. Бул, еки туўысқан халық арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларын тиклеген, қатнасықларды стратегиялық ҳәм аўқамласлық дәрежесине көтерген жеке сиясий ерк-ықрар ҳәм пидайылыққа берилген жоқары баҳа болып есапланады.
Президентимиз өзиниң шығып сөйлеген сөзинде айрықша атап өткениндей, бүгинги табыслар бул еки мәмлекет басшыларының бирдей умтылыслары ҳәм халықларымыздың әсирлик арзыў-нийетлериниң әмелге асыўы болып есапланады.
Улыўма алғанда, ҳәзирги Өзбекстан – Қырғызстан қатнасықлары басқа мәмлекетлер ушын да ҳақыйқый қоңсышылық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў үлгиси бола алады. Себеби, исеним, ҳүрмет ҳәм ашық-айдынлыққа тийкарланған сиясат ҳәр қандай тосқынлықты жеңип өтиўге уқыплы.
Президентимиз сапар етиўдиң екинши күни Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекет басшыларының рәсмий емес ушырасыўында қатнасты. Бирге ислесиўдиң институционаллық тийкарларын беккемлеў, саўда ҳәм транспорт өз-ара байланыслылығын раўажландырыў, санлы хызметлерди кеңейтиў, билимлендириў, илим ҳәм инновацияларды раўажландырыў, климат өзгериўи менен байланыслы машқалаларға биргеликте гүресиў ҳәм гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиў мәселелерин қамтып алған регионаллық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша өз көзқарасын билдирди.
Сапар етиў шеңберинде мәмлекет басшылары Қырғызстандағы биринши халықаралық категориядағы гольф клубы, жаңа бес жулдызлы “Баку” мийманханасы ҳәм Ыссықкөлде суў-мотор спорты бойынша чемпионаттың ашылыў мәресимлеринде қатнасты.




Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қырғыз Республикасына мәмлекетлик сапары және Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекет басшыларының рәсмий емес Мәсләҳәт ушырасыўының илажларға бай бағдарламасы жуўмақланды. “Ыссықкөл” аэропортында мәмлекетимиз жетекшисин ҳәм өмирлик жолдасын Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров ҳәм өмирлик жолдасы шығарып салды.






ӨзА