Өзбекстан темир жол транспорты тараўы хызметкерлерине

51

Қәдирли дослар!

Бәринен бурын, сиз, әзизлерди – өз кәсибиниң ҳақыйқый шебери болған жумысшы ҳәм хызметкерлер, қурылысшы ҳәм инженерлер, машинистлер, вагон бақлаўшылары ҳәм тараў ветеранларын Темир жол транспорты хызметкерлери күни менен шын жүректен қутлықлайман.

Сизлер пидәкерлик мийнетиңиз бенен Жаңа Өзбекстанның экономикалық қүдиретин арттырыў, транспорт-коммуникация системасын избе-из раўажландырыў ҳәм халқымыздың абаданлығын арттырыўға мүнәсип үлес қосып киятырғаныңызды усы қутлы әййямда және бир мәрте атап өтемиз.

Соӊғы жыллары тараўда алып барып атырған кең көлемли реформаларымыз үлкен нәтийжелер бермекте. Бул өзгерислерди 2 мың 400 километрден аслам жаңа темир жол тармақлары қурылып, пайдаланыўға тапсырылғаны, 3 мың километрден аслам жоллар электрлестирилип, 1 мың 100 километрден асламы реабилитацияланғаны мысалында айқын көриў мүмкин.

Бул ҳаққында сөз болғанда, ири инвестициялық жойбарлар тийкарында Самарқанд – Үргүт, Байтқорған – Паркент, Үргенш халықаралық аэропорты – Хийўа темир жол тармақларыныӊ қурылғаны, Наўайы – Бухара участкасының екинши электрлестирилген линиясыныӊ иске қосылғаны, бир қатар перспективалы бағдарларда болса қурылыс жумыслары жедел даўам еттирилип атырғанын атап өтиў керек.

Соның менен бирге, Мароқанд – Наўайы, Бухара – Үргенш – Хийўа, Мискин – Нөкис, Қумқорған – Қудықлы сыяқлы әҳмийетли жөнелислерди электрлестириў, темир жол станцияларының өткериўшеңлик имканиятларын кеңейтиў арқалы миллий логистика системасының нәтийжелилиги арттырылмақта.

Әсиресе, мәмлекетимизди жәҳән транспорт коридорлары менен және де исенимли байланыстыратуғын “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолының қурылып атырғаны, қоңсылас Аўғанстан менен темир жол инфраструктурасын раўажландырыў бойынша бирге ислесиў избе-из даўам еттирилип атырғаны Өзбекстанның регионаллық транспорт ҳәм транзит орайы сыпатындағы орны барған сайын беккемленип атырғанынан дерек береди.

Халыққа көрсетилип атырған транспорт хызметлерин буннан былай да жетилистириў мақсетинде Қубла Кореяның “Hyundai Rotem” компаниясы тәрепинен арнаўлы ислеп шығарылған, жоқары тезликтеги жаңа “Жалолиддин Мангуберди” электропоездының Ташкент – Хийўа – Ташкент жөнелиси бойынша пайдаланыўға тапсырылғаны дыққатқа ылайық.

Темир жол вокзалларын заманагөй көриниске келтириў, олардың инженерлик ҳәм сервис инфраструктурасын пүткиллей жаңалаў, исбилерменлик ушын және де кең имканиятлар жаратыў бойынша да салмақлы жумыслар әмелге асырылды.

Тараўда санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект имканиятларын кеңнен енгизиўге де айрықша итибар қаратылмақта.

Биз жақын жылларда жүзлеген заманагөй жолаўшы вагонларын, жоқары технологиялық поездларды сатып алыў, темир жол инфраструктурасын және де кеңейтиў ҳәм хызметлердиң сапасын халықаралық стандартлар дәрежесине көтериў бойынша жаңа ҳәм үлкен режелерди әмелге асырамыз.

Биз сизлер сыяқлы мыңлаған мийнеткеш темир жолшылар менен, сизлердиң кәсиплик шеберлигиңиз, бай билим ҳәм тәжирийбеңиз, ўатансүйиўшилик пазыйлетлериңиз бенен бундай жоқары шеклерге әлбетте ерисемиз.

Сиз, әзизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қутлықлап, мәмлекетимиз темир жол системасын және де заманагөй, инновациялық ҳәм халықаралық көлемде бәсекиге шыдамлы тармаққа айландырыўдай мақтанышлы жолда бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал, уллы жумысыңызда табыс ҳәм әўметлер тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти