Пакистан делегациясы менен аўыл хожалығы тараўындағы инвестиция перспективалары додаланды

159

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Пакистан Ислам Республикасынан келген делегация ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.

Бул делегация аўыл хожалығы тараўында көп жыллық тәжирийбеге ийе фермерлерден ибарат болып, сапардың тийкарғы мақсети – Қарақалпақстан Республикасында картошка жетистириў бағдарындағы инвестициялық имканиятларды үйрениўден ибарат.

Ушырасыў даўамында аймақтағы картошка жетистириў ушын бар жер майданлары, заманагөй агротехнологияларды енгизиў, туқымгершилик системасы, минерал төгинлер менен тәмийинлеў, суўғарыў имканиятлары ҳәм бар инфраструктура мәселелери бойынша толық пикир алысылды.

Сондай-ақ, тәреплер аўыл хожалығы тараўында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў, алдынғы тәжирийбелерди енгизиў, заманагөй технологиялар тийкарында картошка жетистириўди раўажландырыў ҳәм перспективалы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў перспективаларын додалады.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, инвестициялық басламаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм келешекте әмелий жойбарларды биргеликте әмелге асырыў бойынша бирге ислесиўди даўам еттириўге таяр екенин билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги