Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан бирге ислесиўиниң жаңа перспективалары белгиленди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 31-июль күни Қырғызстан Республикасының Шолпаната қаласында болып өткен Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекет басшыларының рәсмий емес ушырасыўында қатнасты.
Илажда Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов та қатнасты.

Мәмлекет басшылары Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан еллери ҳәм халықларының турақлы раўажланыўын, экономикалық раўажланыўын, қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм абаданлығын арттырыўға байланыслы әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысты.
Өзбекстан жетекшиси сөзиниң басында рәсмий емес саммитти өткериў басламасы ҳәм Ыссықкөл жағасындағы жыллы қабыллағаны ушын Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровқа шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовқа да Мәсләҳәт ушырасыўлары форматында нәтийжели басшылық етип атырғаны ушын миннетдаршылық билдирилди.

Регион еллери ғәрезсизлигиниң 35 жыллық байрамларын белгилеў алдында ҳәр бириниң мәмлекетшиликти қурыў, экономикалық өсиў ҳәм миллий тиклениў бағдарында ерискен табысларына жоқары баҳа берилди.

– Бурын бирлеспеген Орайлық Азия бүгинги күнде биргеликтеги ҳәрекетлеримиз нәтийжесинде раўажланыўдың улыўма мақсетлери жолында бирлеспекте, – деди Президентимиз.
Елимиз жетекшиси қыйын ҳәм алдыннан болжап болмайтуғын халықаралық ўақыяны таллап, ушырасыў қатнасыўшыларын исенимли ҳәрекет етиўге ҳәм өз-ара муўапықласыўды және де күшейтиўге шақырды. Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, Әзербайжанның Мәсләҳәт ушырасыўлары форматына қосылыўы өз-ара бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа – макроаймақлық дәрежеге алып шықпақта.

– Биз ушын Орайлық Азия, Қубла Кавказ ҳәм жақын қоңсымыз – Аўғанстанды бирлестиретуғын бирден-бир раўажланыў мәканын қәлиплестириў бағдарында тарийхый имканият ашылмақта, – деди Өзбекстан жетекшиси.
Президентимиз Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан арасында турақлы раўажланыў, өз-ара байланыслылық ҳәм жақсы қоңсышылық ушын беккем тийкар жаратыў мақсетинде регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары бойынша көзқарасын билдирди.

Бәринен бурын, регионаллық бирге ислесиўдиң турақлы архитектурасын қәлиплестириўге өтиў әҳмийетли екени атап өтилди. Оның дүзилиўи бирге ислесиўдиң нәтийжели институтлары, тармақ уйымларының тығыз қатнасықлары, аймақлардың тиккелей байланыслары ҳәм раўажланыўдың тийкарғы бағдарларындағы узақ мүддетли биргеликтеги бағдарламаларға сүйениўи зәрүр.
Регионның халықаралық субъект сыпатындағы статусын беккемлеў ушын мәмлекетлераралық шөлкемлер ҳәм “Орайлық Азия плюс” форматлары шеңберинде өз-ара муўапықластырыўды күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Саўда-экономикалық ҳәм транспорт тараўындағы өз-ара байланыслылықты беккемлеў, үзликсиз санаат-технологиялық шынжырларды кеңейтиў, улыўма санлы хызметлерди раўажландырыў ҳәм инвестиция платформаларын иске қосыў бойынша келеси қәдемлерди пуқта ислеп шығыў талап етиледи.
Орайлық Азияны кадрлар потенциалы, жасалма интеллект технологиялары, дата-орайлар ҳәм энергетика қуўатлықларын бирлестирген тутас инфраструктураны жаратыў арқалы билимлендириў, илим ҳәм инновациялар бойынша бәсекиге шыдамлы хабқа айландырыў мәселеси перспективалы ўазыйпалар қатарында көрсетип өтилди.

Қоршаған орталықты қорғаў бәрқулла регионаллық күн тәртибиниң тийкарғы бағдары болып келген ҳәм сондай болып қалатуғыны айрықша атап өтилди. Бирден-бир тәбийий мәканымызда жүзеге келип атырған қәўип-қәтерлер шегара билмейди, соның ушын оларға жуўап илажлары да улыўмалық болыўы керек.
– Быйылғы жаздың аномал дәрежеде ыссы келиўи климат өзгериўи әллеқашан экономика, суў ҳәм энергетика қәўипсизлиги, адамлардың саламатлығы ҳәм турмыс сапасына тиккелей тәсир ететуғын факторға айланып атырғанын және бир мәрте көрсетти. Мине усындай жаңа қәўип-қәтерлерге биргеликте бейимлесиў бойынша узақ мүддетли шешимлерди табыў әҳмийетли, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Бирге ислесиўдиң өзгермес тийкарғы бағдарлары арасында гуманитарлық байланысларға айрықша итибар қаратылды. Регион халықлары әсирлер даўамында ийинлес жасаған, саўданы раўажландырған, билим ҳәм мәдений дәстүрлер менен өз-ара алмасқан. Бирге ислесиў тереңлескен сайын аўызбиршилик сезими де беккемленбекте.

– Улыўма регионаллық өзине тәнлик халықларымыздың миллий өзлигин сақлаған ҳалда басқышпа-басқыш қәлиплеспекте. Бул тараўдағы жумыслардың мазмуны сапа жағынан өзгериўи халықларымыз арасындағы бирлик, аўызбиршилик ҳәм өз-ара түсинисиў сезимин беккемлейтуғынына исенемен, – деди мәмлекетимиз жетекшиси.
Өзбекстан Президенти шығып сөйлеген сөзиниң жуўмағында улыўмалық күшимиз – бирликте, өз-ара исеним ҳәм биргеликтеги дөретиўшиликке исенимли умтылыста екенин және бир мәрте атап өтти.
Илажда Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан жетекшилери де шығып сөйлеп, регионаллық бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм оны раўажландырыў перспективалары бойынша өз көзқарасларын билдирди.
Саммит жуўмағында Шолпаната декларациясы қабыл етилди.
Рәсмий емес Мәсләҳәт ушырасыўы шеңберинде Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекет басшылары Ыссықкөл жағасында жаңа бес жулдызлы “Баку” мийманханасының салтанатлы ашылыў мәресиминде қатнасты.
Жетекшилер заманагөй мийманхана комплексинде мийманлардың дем алыўы ҳәм халықаралық илажларды өткериў ушын жаратылған шараятлар менен танысты.
Мийманхана 17,2 гектар майданда жайласқан болып, улыўма майданы дерлик 30 мың квадрат метр болған 120 дан аслам ханаға ийе жети қабатлы имаратты, бассейн, аквапарк, спорт ҳәм кеўилашар инфраструктураны өз ишине алады.
ӨзА