Өзбекстан ҳәм Қырғызстан қатнасықларында жаңа дәўир: аўқамласлық шәртнамасына қол қойылды

74

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-июль күни өмирлик жолдасы менен бирге мәмлекетлик сапар менен Қырғызстанға келди.

Шолпаната қаласындағы “Ыссықкөл” халықаралық аэропортында оларды Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров ҳәм оның өмирлик жолдасы күтип алды.

Жоқары мәртебели мийманлардың ҳүрметине еки мәмлекет байрақлары көтерилип, ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Буннан соң Шолпаната қаласындағы Шыңғыс Айтматов атындағы “Руҳ Ордо” мәденият орайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти рәсмий күтип алыў мәресими болып өтти.

Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты. Өзбекстан ҳәм Қырғызстан мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Садир Жапаров ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын бир-бирине таныстырды.

“Руҳ Ордо” мәденият орайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен тар шеңбердеги ҳәм рәсмий делегациялар ағзаларының қатнасыўындағы сөйлесиўлери болып өтти.

Өзбекстан – Қырғызстан ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм тийкарғы бағдарларда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары ҳәр тәреплеме додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы бүгинги күнде Өзбекстан – Қырғызстан қатнасықлары ҳәр қашанғыдан да жоқары дәрежеге көтерилгенин айрықша атап өтти.

Кейинги жыллары өз-ара товар алмасыў көлеми дерлик 10 есеге артып, өткен жылдың жуўмағы менен 1,2 миллиард долларға жетти. 450 қоспа кәрхана шөлкемлестирилди, кооперациялық жойбарларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған Раўажланыў фонды нәтийжели жумыс алып бармақта.

Қалалар арасында 15 авиақатнаў, 5 автобус жөнелиси жолға қойылған.

Бул ретки сапар етиў алдынан Ҳүкиметлераралық комиссия, Исбилерменлер кеңесиниң мәжилислери, бизнес-форум, ректорлар ҳәм таллаў орайлары ўәкиллериниң ушырасыўлары, Өзбекстан мәденияты күнлери ҳәм басқа да бир қатар илажлар табыслы өткерилди.

Сөйлесиўлер даўамында тәреплер парламентлер, ҳүкиметлер, министрликлер, уйымлар ҳәм аймақлар, исбилермен топарлар ҳәм экспертлер дәрежесинде жедел байланысларды даўам еттириўге келисип алды. Мәмлекетлер аралық кеңес дүзиўге қарар етилди.

Халықаралық ҳәм регионаллық структуралар, соның ишинде, БМШ, ШБШ, Түркий мәмлекетлер шөлкеми, Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекет басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы ҳәм басқа да көп тәреплеме платформалар шеңберинде тығыз бирге ислесиўди даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Өз-ара саўда көлемин 3 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасынан келип шығып, жақын арада импорттың орнын жедел басыў тийкарында өз-ара өним жеткерип бериў көлемлерин арттырыў илажлары көриледи. Сондай-ақ, еки мәмлекет пайтахтларында саўда үйлери ҳәм ўәкилханалары ашылады.

Тийкарғы бағдарларда санаат кооперациясын тереңлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Онда энергетика, геология, әҳмийетли минераллар, логистика, аўыл хожалығы, фармацевтика, тоқымашылық ҳәм басқа да тараўларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў нәзерде тутылмақта.

Күни кеше болып өткен бизнес форум шеңберинде жаңа саўда шәртнамалары ҳәм инвестициялық келисимлердиң топламы қабыл етилди.

Энергетика тараўындағы бирге ислесиў стратегиялық бағдар сыпатында белгиленди. Қамбарата ГЭС-1 қурылысы жойбары бойынша келисимге имканы барынша тезирек қол қойып, оны әмелий басқышқа өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

“Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан” темир жолын қурыў бойынша әмелге асырылып атырған ири жойбардың ҳәзирги жағдайы бойынша пикир алысылды.

Транспорт тараўында өз-ара байланыслылықты беккемлеў мақсетинде бул темир жол бойлап шегара алды ҳәм саўда-логистика инфраструктурасын раўажландырыў, руқсат бериў тәртип-қағыйдаларын санластырыў, автотранспорт тасыўшылар ушын қолайлы шараятлар жаратыўға келисип алынды.

Еки мәмлекет аймақлары саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң өсим ноқатлары екени атап өтилди.

Бул бағдарда усы жылдың ақырына шекем барлық ўәлаятлардың қатнасыўында биринши Аймақлар форумы өткерилетуғыны ҳәм олардың өз-ара сапарлары кестесиниң тастыйықланатуғыны белгилеп алынды.

Мәденият, жаслар, туризм, билимлендириў, илим ҳәм спорт тараўларындағы жедел алмасыўлар даўам еттириледи.

Сөйлесиўлер даўамында Бас министрдиң орынбасарларының саўда-экономикалық күн тәртиби бойынша анық усынысларды өз ишине алған мәлимлемелери тыңланды.

Жуўмағында Шавкат Мирзиёев Садир Жапаровты өзи ушын қолайлы ўақытта Өзбекстанға сапар менен келиўге мирәт етти.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнамаға қол қойды.

Сондай-ақ, мәмлекет басшылары жанында еки тәреплеме ҳүжжетлерди алмасыў мәресими болды. Соның ишинде:

– Өзбекстан – Қырғызстан мәмлекетлик шегарасының участкалары ҳаққында шәртнама;

– “Чашма” булағынан биргеликте пайдаланыў ҳаққында келисим;

– Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳәм пенсия тәмийнаты ҳаққында келисим;

– Жоқары билимлендириў тараўындағы кредитлерди өз-ара тән алыў ҳаққында келисим;

– Мәмлекетлик шегара арқалы өткериў пунктлери ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында протокол;

– Пуқаралардың өз-ара келип-кетиўлери ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимге протокол;

– Қырғыз Республикасының Ыссықкөл ўәлаяты аймағында жайласқан курорт-рекреация хожалығы объектлери ҳаққындағы келисимге протокол;

– 2026-2027-жылларға мөлшерленген мәденият тараўындағы илажлар режеси;

– 2026-2027-жылларға мөлшерленген туризм тараўындағы биргеликтеги ҳәрекетлер режеси;

– Қырғыз Республикасы Ыссықкөл ўәлаяты Тон районында жайласқан “Бостан” пансионаты ҳаққында шәртнама;

– 2026-2027-жылларға мөлшерленген агросанаат комплекси тараўындағы әмелий илажлар режеси.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти I дәрежели “Манас” ордени менен сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Қырғыз Республикасының жоқары сыйлығын мәмлекетимиз басшысына Президент Садир Жапаров тапсырды.

Өзбекстан жетекшиси туўысқан Қырғызстан Президентине ҳәм халқына терең миннетдаршылық билдирип, бул сыйлықты еки халық арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларын беккемлеў бағдарындағы биргеликтеги ҳәрекетлер және Өзбекстан ҳәм Қырғызстан қатнасықларын жаңа тарийхый басқыш – аўқамласлық дәрежесине алып шығыўға қаратылған улыўма умтылыслардың жоқары тән алыныўы сыпатында қабыл ететуғынын атап өтти.

1996-жылы шөлкемлестирилген “Манас” ордени Қырғыз Республикасының жоқары мәмлекетлик сыйлықларынан бири есапланады. Республика ҳәм сырт ел пуқараларына мәмлекетшилик ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў, халықлар арасында тынышлық, дослық ҳәм өз-ара түсинисиў байланысларын раўажландырыўға қосқан үлкен үлеси ушын бериледи.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров болып өткен сөйлесиўлердиң жуўмақлары бойынша ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баянат берди.

Мәмлекетимиз жетекшиси Қырғызстанға бул ретки мәмлекетлик сапары тарийхый әҳмийетке ийе болып, Өзбекстан – Қырғызстан көп тәреплемели бирге ислесиўинде жаңа бет ашқанын атап өтти.

Бул саммитке биргеликте үлкен таярлық жумысларының әмелге асырылғаны атап өтилди. Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси, бизнес-форум, ректорлар ҳәм таллаў орайлары ўәкиллериниң ушырасыўлары табыслы өткерилди. Ҳәзирги ўақытта Қырғызстанда Өзбекстан мәденияты күнлери шеңберинде түрли илажлар өткерилмекте.

Пурсаттан пайдаланып, Президентимиз туўысқан Қырғызстанды 2027-2028-жылларда БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң турақлы емес ағзасы етип сайланғаны мүнәсибети менен қызғын қутлықлады. Бул мәмлекет ҳәм пүткил Орайлық Азияның абырайы жоқарылап атырғанының тән алыныўы болып есапланады.

Бүгинги сөйлесиўлер ҳәр қашанғыдай ашық-айдын, конструктивлик ҳәм дослық руўхында өткени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Мәмлекет басшылары еки тәреплеме күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелердиң барлық тәреплерин ҳәр тәреплеме додалады. Бас министр орынбасарларының саўда-экономикалық тараўдағы анық режелерди өз ишине алған мәлимлемелерин тыңлады.

Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылыўы саммиттиң ең әҳмийетли нәтийжеси болды.

Бул ҳүжжет еки тәреплеме шерикликти мәмлекетлераралық байланыслардың ең жоқары дәрежесине алып шығады.

– Енди бизиң тийкарғы ўазыйпамыз – бирге ислесиўимизди мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың раўажланыўы және абаданлығына хызмет ететуғын жаңа мазмун, жойбар ҳәм басламалар менен байытыў, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Еки мәмлекет Президентлериниң басшылығында Мәмлекетлераралық кеңести дүзиў бойынша келисимге ерисилди. Бул аўқамласлық қатнасықларын беккемлеў ҳәм бирге ислесиўдиң узақ мүддетли тийкарғы бағдарларын белгилеўдиң тийкарғы механизми болады.

Соның менен бирге, тәреплер буннан былай да сиясий сөйлесиўди раўажландырыў, регионаллық ҳәм халықаралық майданларда бир-бирин қоллап-қуўатлаў ҳәм позицияларды жақыннан муўапықластырыўға таяр екенин тастыйықлады.

Жаңа экономикалық күн тәртибин қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылды. Соңғы жыллары өз-ара товар алмасыў көлеми дерлик 10 есеге артып, өткен жылдың жуўмағы менен 1,2 миллиард доллардан асламды қурады. Жедел өсиў пәтлери сақланып қалып атырғанын есапқа алып, бул көрсеткишти 3 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Жетекшилер санаат кооперациясының жаңа өсиў ноқатларын, бәринен бурын, еки мәмлекет экономикалары бир-бирин толықтыратуғын тараўларда жаратыўға айрықша тоқтап өтти.

Бул бағдарда күни кеше болып өткен бизнес форум шеңберинде энергетика, электротехника, фармацевтика, аўыл хожалығы ҳәм тоқымашылық тараўларында жаңа жойбарлар келисип алынды. Сондай-ақ, шийки зат ресурсларын биргеликте қазып алыў бойынша анық режелер белгиленди.

Бундай жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын биргеликтеги Раўажланыў фондының потенциалынан нәтийжели пайдаланылады.

Еки елдиң транспорт тараўындағы өз-ара байланыслылығы ҳәм транзит потенциалын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. “Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан” темир жолы қурылысы бойынша стратегиялық жойбарды әмелге асырыў жумыслары жедел даўам етип атырғаны атап өтилди.

Бул темир жол бойлап саўда-логистика инфраструктурасын биргеликте раўажландырыў, саўда ҳәм транспорт процесслерине санлы шешимлерди жедел енгизиў, автотасыўшылар ушын қолайлы шараятлар жаратыўға келисип алынды.

Суў-энергетика тараўындағы бирге ислесиў мәселелерине айрықша тоқтап өтилди.

Трансшегаралық суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў тараўында конструктивлик бирге ислесиўди даўам еттириўге таярлық тастыйықланды. Қамбарата ГЭС-1ди қурыў ҳаққындағы келисимге қол қойыў процеси тезлестириледи.

Еки ел аймақларының потенциалынан белсене пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Жылдың ақырына шекем Өзбекстанда жаңа форматтағы биринши Аймақлар форумы өткериледи.

Мәденият, билимлендириў, илим, жаслар сиясаты ҳәм туризм тараўларында жедел алмасыўларды даўам еттириўге таярлық тастыйықланды.

Жетекшилер Орайлық Азияда турақлы раўажланыў ҳәм регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелерин де ҳәр тәреплеме додалады.

Жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев усы саммитте ерисилген келисимлер туўысқан халықлар арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирди.

Шолпаната қаласына сапары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекет басшылары менен биргеликте Қырғызстандағы биринши халықаралық категориядағы гольф клубының салтанатлы ашылыў мәресиминде қатнасты.

Жетекшилер бул жерде қурылған заманагөй спорт ҳәм туризм инфраструктурасы менен танысты. Жаңа комплекс гольфти ғалаба ен жайдырыў, спорт туризмин раўажландырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Мәмлекет басшылары туўысқан Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров ҳәм халқын жаңа объекттиң ашылыўы менен қутлықлап, мәмлекеттиң туризм потенциалын раўажландырыўға қаратылған кең көлемли жойбарларды әмелге асырыўда табыслар тиледи.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қырғыз Республикасына мәмлекетлик сапары даўам етпекте.

ӨзА