31-октябрь күни Бухара қаласында Халықаралық мийнет шөлкеминиң басламасы ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлердиң жәрдеминде Өзбекстандағы барлық жоқары оқыў орынлары (сырт ел жоқары оқыў орынлары филиалларында да) арасында «Заковат» интеллектуал ойыны шеңберинде мийнет ҳуқықларына арналған «Студентлер кубогы»ның аймақлық басқышы шөлкемлестирилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Наўайы ҳәм Бухара ўәлаятларындағы жоқары оқыў орынларынан жәми 16 команда, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасынан 6 жоқары оқыў орны ҳәм филиаллардан командалар қатнасты.

Ойын 3 бөлимнен ибарат болып, ҳәр бир бөлимде 12 сораўдан – жәми 36 сораў ойналды.

Студентлердиң билим ҳәм көнликпелери, логикалық ойлаў дәрежесин арттырыўға бағдарланған ойын жуўмағында Қарақалпақстан Республикасынан қатнасқан Қарақалпақ мәмлекетлик университети командасы 1-орын ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты 3-орынды ийеледи. 2-орын Ургенч мәмлекетлик университети командасына несип етти.

– Тийкарғы бөлимде үш команданың да топлаған балы теңдей болып қалды – 16 балл. Солай етип, қосымша сораўлар ойналды. Қосымша сораўларда бизге бираз шаққанлық ҳәм тапқырлық жетипеди. Финал басқышына жоллама алғанымыздан қуўанышлымыз. Финалға күшли таярлықлар көрип, жеңимпазлықты қолға киргизиўге ҳәрекет етемиз, – дейди НМПИ командасы ағзасы, магистрант Бахтияр Бекмуратов.

Солай етип, жеңимпаз командалар усы жылдың 16-ноябрь күни Ташкент қаласында өткерилетуғын финал ойынына жоллама алды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.