Өзбекстан ҳәм Қырғызстан қатнасықлары аўқамласлық дәрежесине көтерилди

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнамаға қол қойды.
Сондай-ақ, мәмлекет басшылары жанында еки тәреплеме ҳүжжетлерди алмасыў мәресими болды. Соның ишинде:



– Өзбекстан – Қырғызстан мәмлекетлик шегарасының участкалары ҳаққында шәртнама;
– “Чашма” булағынан биргеликте пайдаланыў ҳаққында келисим;
– Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳәм пенсия тәмийнаты ҳаққында келисим;
– Жоқары билимлендириў тараўындағы кредитлерди өз-ара тән алыў ҳаққында келисим;



– Мәмлекетлик шегара арқалы өткериў пунктлери ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында протокол;
– Пуқаралардың өз-ара келип-кетиўлери ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимге протокол;
– Қырғыз Республикасының Ыссықкөл ўәлаяты аймағында жайласқан курорт-рекреация хожалығы объектлери ҳаққындағы келисимге протокол;



2026-2027-жылларға мөлшерленген мәденият тараўындағы илажлар режеси;
– 2026-2027-жылларға мөлшерленген туризм тараўындағы биргеликтеги ҳәрекетлер режеси;
– Қырғыз Республикасы Ыссықкөл ўәлаяты Тон районында жайласқан “Бостан” пансионаты ҳаққында шәртнама;
– 2026-2027-жылларға мөлшерленген агросанаат комплекси тараўындағы әмелий илажлар режеси.
ӨзА