Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-октябрь күни быйылғы жылда Мәмлекетлик бюджеттиң күтилип атырған орынланыўы, 2019-жылға мөлшерленген макроэкономикалық көрсеткишлер, бюджет-салық сиясатының тийкарғы бағдарларын додалаўға бағышланған мәжилис өткерди.

Мәжилисте усы жылдың жуўмағы бойынша Мәмлекетлик бюджет дәраматлары 74,5 триллион сум, қәрежетлери болса 78,5 триллион сумды қурайтуғыны, жергиликли бюджетлер ықтиярында 5,5 триллион ямаса өткен жылға салыстырғанда 6 есе көп қаржы қалыўы күтилип атырғаны атап өтилди.

Бюджет қәрежетлери 2017-жылға салыстырғанда 60 процент ямаса 29 триллион сумға асқан. Бул қаржылардың 5,6 триллион сумы «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле», «Yoshlar-kelajagimiz» бағдарламалары ҳәм арзан турақ жайлар қурылысын қаржыландырыўға қаратылды. Жас исбилерменлерге жеңилликли кредитлер бериў, халықты жумыс пенен тәмийинлеў ушын «Микрокредитбанк» акционерлик коммерциялық банкине 700 миллиард сум ҳәм Халық банкине 1 триллион сумнан зыят қаржы, елимиздиң қорғаныў қәбилетин арттырыўға 4,5 триллион сум ажыратылды.

Тийкарғысы, бюджет тараўы хызметкерлериниң мийнет ҳақысын, пенсия ҳәм напақаларды инфляция көрсеткишинен жоқары көтериў менен бирге тәрбияшылар, муғаллимлер, илимий хызметкерлер, профессор-оқытыўшылар, мәденият хызметкерлериниң мийнет ҳақысы 30 проценттен 100 процентке шекем асырылды.

Валюта ҳәм баҳа сиясатының еркинлесиўи, аўыл хожалығында есап-санақлардың тәртипке салыныўы ҳәм капитал қойылмалардың артыўы бюджет дәраматларының көбейиўине унамлы тәсир көрсетти.

9b0658f3-8d3f-37bb-4f59-cc262c0c001d.jpg

Жыл жуўмағына шекем және еки ай бар. Соның ушын барлық резервлерди иске қосып, бюджетте жүз бериўи мүмкин болған дефициттиң алдын алыў зәрүр, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте келеси жылы бюджет дәраматлары избе-из артатуғыны, салық системасында енгизилетуғын тарийхый өзгерислер нәтийжесинде халыққа ҳәм бизнеске үлкен жеңилликлер жаратылатуғыны атап өтилди.

Атап айтқанда, 2019-жыл 1-январьдан:

-түсимнен алынатуғын мәжбүрий ажыратпаларды толық бийкарлаў нәтийжесинде кәрханаларда қосымша 5,2 триллион сум дәрамат қалады;

-физикалық шахслар ушын дәрамат салығының ең жоқары ставкасы 22 проценттен 12 процентке шекем, бирден-бир социаллық төлеми 25 проценттен 15 процентке шекем түсирилиўи, пуқаралардың 8 процентлик қамсызландырыў төлеми бийкар етилиўи нәтийжесинде халықтың дәраматлары 6,5 процентке асады;

-юридикалық шахслардың мүлк салығы 5 проценттен 2 процентке шекем, пайда салығы 14 проценттен 12 процентке шекем, киши бизнес субъектлериниң бирден-бир салығы 5 проценттен 4 процентке шекем азайтылыўы нәтийжесинде исбилерменлердиң ықтыярында 2 триллион сум қосымша қаржы қалады. Улыўма алғанда, бар 19 салық ҳәм мәжбүрий төлемлердиң түри 15 ке азайтылады.

Бундай жеңилликлер нәтийжесинде бюджет түсимлерин тәмийинлеў бираз қыйынласады. Сол себепли, мәжилисте бюджет дефицитин қысқартыў, дәраматларды көбейтиў, соның ишинде, жумысшылардың санын ҳәм мийнет ҳақыны легалластырыў бойынша системалы жумысларды әмелге асырыў бойынша тапсырмалар берилди.

2019-жылғы бюджет мағлыўматын, сондай-ақ, салық сиясатындағы өзгерислер бойынша тийисли нызам жойбарын пуқта ислеп шығып, жақын ўақыт ишинде Олий Мажлиске усыныў ўазыйпасы қойылды.

Қосымша қун салығы төлеўдиң әпиўайыластырылған механизмин енгизиў, бар жеңилликлерди хатлаўдан өткерип, оптимизациялаў бойынша да тапсырмалар берилди.

2019-жылғы бюджеттиң қәрежетлер бөлеги додаланып, Президентимиз оны тийкарынан социаллық ҳәм экономикалық тараўларға қаратыў зәрүрлигин атап өтти.

Келеси жылы да бюджеттен төленетуғын айлық, пенсия ҳәм напақаларды инфляция дәрежесинен кем болмаған муғдарда арттырыў сиясатын даўам еттириўимиз керек. Онда айлық мийнет ҳақының өсиўине салыстырғанда төмен болған социаллық тараў хызметкерлерине тийкарғы итибар қаратыў, соның ишинде, медицина хызметкерлериниң айлығын 26,5 процентке, жоқары билимлендириў ҳәм илимий мәкемелердеги хызметкерлердиң мийнет ҳақысын 1,5 есеге арттырыў зәрүр, деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәжилисте атап өтилгениндей, социаллық напақалар ушын қаржылар көлемин 20 процентке көбейтиў, улыўма, айлық ҳәм оған теңлестирилген төлемлердиң мәмлекетлик бюджет қәрежетиндеги үлесин 49 проценттен 54 процентке асырыў режелестирилмекте.

Қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелерине де итибар қаратылды. Бул ушын жеңилликли шәртлерде сырт ел қаржыларын тартыў, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде оңланатуғын объектлер дизимин анық қәлиплестирип, 2019-жылғы Инвестиция бағдарламасына киргизиў зәрүрлиги атап өтилди.

Бюджет қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў, бул бойынша қадағалаўды және де күшейтиў бойынша да тапсырмалар берилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкер басшылардың есабаты тыңланды.

ӨзА