Өзбекстан Президенти «Келешек ойынлары»ның ашылыў мәресиминде қатнасты

196

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың мирәт етиўине бола 29-июль күни әмелий сапар менен усы елде болды.

Мәмлекетимиз басшысы Астана қаласында «Келешек ойынлары» үшинши халықаралық жарысының салтанатлы ашылыў мәресиминде қатнасты.

“Барыс Арена” муз сарайында өткерилген илажға Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм басқа да сырт елли мийманлар  қатнасты.

Мәресим қатнасыўшыларына Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин видеомүрәжат жоллады.

Илаждың салтанатлы бөлиминде фижитал-спорттың мазмун-мәниси, яғный санлы беллесиўлерди дәстүрий спорт түрлери ҳәм физикалық белсендилик пенен бирлестиретуғын бағдарлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Жарыстың идеясы жасларды дәстүрий спорт пенен шуғылланыўға шақырыў болып есапланады.

Мәмлекетимиз басшысы халықаралық турнир қатнасыўшыларын қутлықлады.

Сол күни спорт ҳәм технологиялар министрлери, дипломатиялық миссиялардың басшылары ҳәм басқа да жоқары мәртебели ўәкиллердиң қатнасыўында фижитал-спорт бойынша саммит те болып өтти.

Биринши «Келешек ойынлары» 2024-жылы Казань қаласында өткерилген. Оның ашылыў мәресимине Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасқан еди. Екинши турнир болса 2025-жылы Абу-Даби қаласында болып өтти.

Бул ретки жарысларда Өзбекстан ўәкиллери фижитал-футбол, лазертаг ҳәм аяқ ойын бағдарлары бойынша беллеседи.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қазақстан Республикасына әмелий сапары жуўмақланды.

ӨзА