Өзбекстан Президенти мәмлекетлик сапар менен Қырғызстанда болады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың мирәт етиўине бола 30-июль – 1-август күнлери мәмлекетлик сапар менен усы елде болады.
Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде Өзбекстан – Қырғызстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, өз-ара саўда көлемин арттырыў, санаат кооперациясын кеңейтиў, транспорт тараўындағы өз-ара байланыслылықты ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды раўажландырыў мәселелери көрип шығылады.
Мәмлекет басшылары халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысады.
Саммиттиӊ жуўмақлары бойынша Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға қаратылған еки тәреплеме ҳүжжетлер топламына қол қойыў режелестирилген.
Сапар бағдарламасына муўапық, Президентимиз Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекет басшыларының рәсмий емес Мәсләҳәт ушырасыўы ҳәм басқа да илажларда қатнасыўы нәзерде тутылған.
ӨзА