Өзбекстан Президенти Қазақстанға келди
129

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың мирәт етиўине бола әмелий сапар менен усы мәмлекетке келди.
Астана аэропортында мәмлекетимиз басшысын Қазақстан Бас министри Олжас Бектенов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.
Сапар бағдарламасына муўапық, Өзбекстан Президенти “Келешек ойынлары” үшинши халықаралық жарысының салтанатлы ашылыў мәресиминде қатнасады.




