Нөкис қаласындағы ыссылық тәмийнаты системасын модернизациялаў бойынша жойбар көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев Нөкис қаласындағы қазанхананы когенерация технологиялары тийкарында модернизациялаў бойынша презентация менен танысты.
Гүзги-қысқы мәўсимде халықтың турақ жайларын ҳәм социаллық тараў объектлерин турақлы ыссылық пенен тәмийинлеў, системада энергия үнемлеўши технологияларды енгизиў – әҳмийетли ўазыйпа.
Бүгинги күнде Нөкис қаласындағы 47 көп қабатлы турақ жай орайлық ысытыў системасына жалғанған, және 270 турақ жай локал ысытыў системасынан пайдаланбақта. Қалған көп қабатлы турақ жайлардағы квартиралар ҳәр қыйлы қолдан жасалған ысытыў қураллары арқалы ысытылып атыр. Бундай қурылмалар көп энергия жумсалыўы менен бирге адамлардың денсаўлығы ҳәм өмири ушын да үлкен қәўип туўдырады.
Қаладағы орайлық қазанхана 1976-жылы қурылған болып, ҳәзирги ўақытта тийкарынан социаллық тараў объектлерине хызмет көрсетпекте. Оның үскенелери руўхый ҳәм физикалық жақтан ескирген, энергия нәтийжелилиги болса төмен.

Ҳәзирги қазанханада 1 гигакалория ыссылық ислеп шығарыў ушын дерлик 153 куб метр тәбийий газ ҳәм 30 киловатт-саат электр энергиясы жумсалмақта. Оның әмелдеги қуўатлылығы саатына тек ғана 1,6 гигакалорияны қурайды.
Презентацияда усы қазанхананы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында когенерация технологиялары менен модернизациялаў жойбары көрип шығылды.
Когенерация технологиясы бир жанылғы дерегинен бир ўақыттың өзинде электр ҳәм ыссылық энергиясын ислеп шығарыў имканиятын береди. Бул ресурслардан нәтийжели пайдаланыў, өндирис қәрежетлери ҳәм қоршаған орталыққа шығарылатуғын зыянлы элементлерди азайтыўға хызмет етеди.
Жойбар шеңберинде саатына 34,4 гигакалория ыссылық ҳәм 21,5 мегаватт электр энергиясын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе заманагөй комплекс қурылады.

Сондай-ақ, 28 километр ыссылық тармағы тартылып, 189 индивидуал ыссылық пункти орнатылады. Көп қабатлы турақ жайлар ҳәм социаллық объектлердиң ишки ысытыў системалары тикленеди, зәрүр газ ҳәм электр инфраструктурасы жаңаланады.
Биринши басқышта 136 көп қабатлы турақ жайдағы дерлик 6 мың шаңарақ, яғный 23 мың халық ҳәм 40 социаллық тараў объекти орайласқан ыссылық тәмийнаты менен қамтып алынады. Кейинги басқышларда Нөкис қаласындағы барлық көп қабатлы турақ жайлар ҳәм социаллық тараў объектлерин орайласқан ыссылық системасына жалғаў нәзерде тутылған.
Жойбардың дәслепки басқышына 20 миллион доллардан аслам тиккелей сырт ел инвестициясы тартылып, комплексти 2028-жыл февраль айында толық иске қосыў режелестирилген.
Модернизация нәтийжесинде қазанхананың пайдалы жумыс коэффициенти 80 проценттен 91 процентке артады. Ыссылық ислеп шығарыў көлеми бир неше он есеге көбейип, жылына 172 мың мегаватт-саатқа шекем электр энергиясын ислеп шығарыў имканияты жаратылады.

Жылына 12,2 миллион куб метр тәбийий газ үнемленеди, атмосфераға шығарылатуғын зыянлы элементлер көлеми де сезилерли қысқарады.
Жаңа комплексте 19 жумыс орны жаратылады. Тараў хызметкерлериниң заманагөй технологиялардан пайдаланыў ҳәм үскенелерге хызмет көрсетиў бойынша маманлығы арттырылады.
Мәмлекетимиз басшысы жойбарды әмелге асырыўда, бәринен бурын, халық ушын турақлы, қәўипсиз ҳәм сапалы ыссылық тәмийнатын жаратыў, қурылыс жумысларын белгиленген мүддетте ҳәм сапалы орынлаў зәрүрлигин атап өтти.
Жойбардың орынланыўын муўапықластырыў ҳәм барлық инфраструктура мәселелерин өз ўақтында шешиў бойынша жуўапкерлерге анық ўазыйпалар қойылды.
Сондай-ақ, Нөкис қаласындағы усы тәжирийбе тийкарында кейин ала Бухара, Самарқанд, Үргенш ҳәм Зарафшан қалаларындағы қазанханаларды да когенерация ҳәм тригенерация технологиялары тийкарында модернизациялаў бойынша усыныслар көрип шығылды.
ӨзА