Өзбекстан Президенти әмелий сапар менен Қазақстанда болады
170

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың мирәт етиўине бола 29-июль күни әмелий сапар менен усы елде болады.
Мәмлекетимиз басшысы Астана қаласында “Келешек ойынлары” үшинши халықаралық жарысының салтанатлы ашылыў мәресиминде қатнасады.
“Келешек ойынлары” өзинде дәстүрий спорт түрлерин ҳәм олардың санлы түрлерин жәмлеген.
Жарыс 29-июльден 9-августқа шекем 50 ден аслам мәмлекет ўәкиллериниң, соның ишинде, Өзбекстан спортшыларының қатнасыўында өткериледи.
ӨзА