Өзбекстан Президенти жаңадан тайынланған сырт ел елшилеринен исеним жарлықларын қабыллады

28-июль күни сырт мәмлекетлердиң елимизге жаңадан тайынланған елшилери тәрепинен исеним жарлықларын тапсырыўға бағышланған салтанатлы мәресим өткерилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшилер – Италия Республикасынан Гуидо де Санктис, Палестина Мәмлекетинен Ваилл Баттрехи, Саудия Арабстаны Патшалығынан Саад Абу Хаймид, Кувейт Мәмлекетинен Турки Ал-Мекрад, Альжир Халық Демократиялық Республикасынан Жамила Ашур, Малайзиядан Рафеда бинти Абдул Азиз, Пакистан Ислам Республикасынан Муҳаммад Мудассир Тип-у, Әзербайжан Республикасынан Рашад Мамедов ҳәм Қазақстан Республикасынан Ерали Тугжановлардың исеним жарлықларын қабыл етип алды.
Мәмлекетимиз басшысы дипломатиялық ўәкилханалардың басшыларын Жаңа Өзбекстандағы абырайлы миссиясы басланғаны менен шын жүректен қутлықлады.









Дүньяда түрли геосиясий келиспеўшиликлер барған сайын ҳәўиж алып атырған ҳәзирги қыйын дәўирде дипломатлардың жуўапкершиликли жумысы ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Президентимиз ҳәр бир елшиге мүрәжат етип, олар ўәкиллик етип атырған мәмлекетлер менен бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў бойынша ўазыйпаларға айрықша тоқтап өтти.
Италия үлкен сиясий ҳәм экономикалық потенциалға ийе әҳмийетли шерик екени атап өтилип, “жасыл” энергетика, металлургия, химия, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика, билимлендириў ҳәм туризм тараўларындағы жойбарлар әмелге асырылып атырғаны, Ташкент қаласында Турин политехника ҳәм Пиза университетлериниң филиаллары нәтийжели жумыс алып барып атырғаны атап өтилди.
Өзбекстан жетекшиси Ломбардия ҳәм Тоскана аймақлары менен бирге ислесиў байланыслары, атап айтқанда, медицина хызметкерлерин таярлаў бойынша биргеликтеги басламаларды қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.
Палестина менен қатнасықлар әзелий дослық руўхында раўажланбақта. Өзбекстан Израиль-Палестина машқаласын “еки халық ушын еки мәмлекет” принципи тийкарында тыныш жол менен шешиў тәрепдары болып келмекте.










Елимиздиң Тынышлық кеңесине шөлкемлестириўши мәмлекет сыпатында кириўи Газаны қайта тиклеўге жәрдемлесиўге қаратылғаны атап өтилди.
Саудия Арабстаны менен бирге ислесиў басқалар ушын үлги болмақта. Мәмлекетимиз басшысы 25 миллиард долларлық жойбарлар портфели қәлиплескени, Саудия раўажланыў қоры реформаларымызға белсене жәрдем берип атырғанын айрықша атап өтти.
Қалаберди, медицина, фармацевтика ҳәм “жасыл” энергетика тараўларында үлкен потенциал бар екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, пуқараларымызға Ҳаж ҳәм Умра зыяратлары ушын жаратылып атырған шараятлар жоқары баҳаланды.
Кувейт пенен саўда-экономикалық, инвестиция, инфраструктура, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў тараўларында байланысларды жаңа басқышқа көтериў, Кувейт инвестиция агентлиги менен нефть-химия тармағында ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жойбарларды әмелге асырыў ушын кең имканиятлар бар екенлиги атап өтилди.
Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң толық орынланыўы халықларымыздың мәплерине бирдей хызмет ететуғыны билдирилди.
Альжир менен соӊғы жылларда жоқары дәрежедеги сөйлесиўлеримиз жеделлескени атап өтилди.
Сондай-ақ, нефть-газ, энергетика, таў-кән, аўыл хожалығы ҳәм туризм тараўларында өз-ара пайдалы жойбарларды әмелге асырыў ушын үлкен потенциал бар екенлиги атап өтилди. Ҳүкиметлераралық қоспа комиссияны шөлкемлестириў ҳәм Жеңиллетилген саўда келисимине қол қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.










Малайзия менен қатнасықларымыз соӊғы жылларда барлық бағдарларда избе-из раўажланып бармақта. Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жеделлести. Базарымызға усы мәмлекеттиң жетекши компаниялары жедел кирип келмекте.
Өзбекстан жетекшиси ярым өткизгишлер, нефть-химия, ислам қаржысы ҳәм зыярат туризми тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў ушын үлкен потенциал бар екенлигин атап өтти.
Пакистан менен стратегиялық шериклик қатнасықлары өз-ара ҳүрмет ҳәм исеним руўхында раўажланып, жаңа сапа басқышына көтерилди.
Ташкент – Карачи жөнелисинде тиккелей авиақатнаўлардың жолға қойылыўы, Трансаўған транспорт жолы жойбарын әмелге асырыў, санаат кооперациясы, энергетика, аўыл хожалығы, тоқымашылық, фармацевтика ҳәм туризм тараўларындағы шерикликти және де тереңлестириў тийкарғы ўазыйпа екени атап өтилди.
Әзербайжан менен қатнасықлар еки мәмлекет жетекшилериниң исенимли сиясий ерк-ықрары себепли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық дәрежесине көтерилди. Саўда көлеми 40 процентке артып, қоспа кәрханалардың саны дерлик 450 ге жетти, жүк тасыў көлеми болса еки есеге өсти.
Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы инвестициялық портфельди жақын келешекте 10 миллиард долларға жеткериў бойынша үлкен шек алынғаны мәлим етилди.
Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлар еки тәреплеме бирге ислесиўге жаңа пәт беретуғыны атап өтилди. Мәмлекетимиз басшысы Қазақстан елшисине мүрәжат етип, еллеримиз арасындағы әзелий дослық байланыслары беккемленип, ҳәзирги ўақытта стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары кеңейип атырғанын атап өтти.
Өз-ара саўда көлемин 10 миллиард долларға жеткериў тийкарғы мақсет екени, 8 миллиард долларлық биргеликтеги инвестициялық жойбарлар портфели қәлиплестирилгени атап өтилди, “Орайлық Азия” халықаралық санаат кооперациясы орайын толық иске қосыўдан мәпдарлық билдирилди.
Мәресим жуўмағында мәмлекетимиз басшысы жаңадан тайынланған елшилерге мақтанышлы ҳәм жуўапкершиликли дипломатиялық жумысларында үлкен табыслар тиледи. Өз-ара шерикликти беккемлеў ушын қолайлы шараятлар жаратып берилетуғынын атап өтти. Барлық елшилерди жеке меншик сектор ҳәм аймақлар менен белсене ислесиўге, орынлардағы дөретиўшилик процесслер менен жақыннан танысыўға шақырды.
Өз гезегинде, дипломатлар шын жүректен қабыллағаны ҳәм жаратылған имканиятлар ушын терең миннетдаршылық билдирип, Өзбекстан менен көп тәреплеме бирге ислесиўди жедел алға қойыў жолында бар имканиятларын иске қосатуғынын атап өтти.
ӨзА