Энергетика тармағында басқарыў ҳәм жуўапкершиликти күшейтиў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгиленди

283

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 27-июль күни жанылғы-энергетика тармағындағы келешектеги тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

 Мәмлекетимиз басшысы соңғы он жылда энергетика тараўында кең көлемли реформалар әмелге асырылғанын атап өтти. Тараўға жеке меншик сектор ҳәм сырт ел инвесторларын тартыў ушын зәрүр ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик шараятлар жаратылды.

Нәтийжеде энергетика тармағына 23 миллиард доллар сырт ел инвестициясы киргизилди, орынларда улыўма қуўатлылығы 9,5 гигаватт болған электр станциялары иске қосылды. Электр ҳәм газ тармақлары, подстанциялар, трансформаторлар және газ бөлистириў қурылмаларын жаңалаўға 30 триллион сум қаратылды.

Соның менен бирге, жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў, системаны басқарыў, орынларда талап ҳәм атқарыў тәртибин тәмийинлеў бойынша үлкен кемшиликлер сақланып қалып атырғаны көрсетип өтилди.

– Ашығын айтыў керек. Энергетикада машқала қаржыда емес, себеби қанша керек болса, таўып берип атырмыз. Машқала системаның басқарыўында, –  деди Президент.

Айырым аймақларда инфраструктура дерлик бирдей болса да, электр ҳәм газ тәмийнаты сапасы кескин парықланатуғыны атап өтилди. Бул, бәринен бурын, басшылардың талабы, қадағалаўы ҳәм жеке жуўапкершилиги ҳәр қыйлы екенлиги менен түсиндирилди.

Усы жылдың июнь-июль айларында электр тармақларында 4 мыңға шамалас авария жүз берген. Ақыбетте айырым аймақларда халық ҳәм исбилерменлер 8-10 саатқа шекем электрсиз қалған. Ҳәзирги ўақытта көплеген аймақларда тутыныўдың өсиўи ҳәм инфраструктураға түсетуғын жүклеме алдыннан есапқа алынбаған.

Тармақтағы электр энергиясының шығынлары 17,2 процентти қурамақта. Өткен алты айда 4,8 миллиард киловатт-саат электр энергиясы жоғалтылған.

АСКУЭ ҳәм АСКУГ системалары енгизилгенине қарамастан, жүз мыңлаған электр ҳәм газ есаплағышлары орайласқан системаға мағлыўмат узатпай атырғаны көрсетип өтилди. Бул тутыныўды дурыс есапқа алыў, жоғалтыўлар ҳәм дебитор қарыздарлықты азайтыўға тосқынлық етпекте.

Мәмлекетимиз басшысы энергетика системасындағы ҳәр бир басшының жумысы, бәринен бурын, адамлардың күнделикли турмысында ҳәм исбилерменлик жумысында сезилиўи керек екенлигин атап өтти.

Системадағы үлкен кемшиликлер ушын энергетика министри ҳәм “Аймақлық электр тармақлары” басшысы лаўазымынан босатылды. “Миллий электр тармақлары”, “Ыссылық электр станциялары”, “Өзтрансгаз” ҳәм “Аймақлықгазтәмийнат” басшыларына жылдың ақырына шекем сынақ мүддети белгиленди.

Энергетика министрлиги, “Аймақлық электр тармақлары” ҳәм “Өзэнергоинспекция”ның жаңа басшылары бүгиннен жаңаша жумыс усылын енгизиўи шәрт екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте электр ҳәм газ тәмийнаты менен байланыслы жумысларды “район кесиминде” ҳәм “мәҳәлле кесиминде” шөлкемлестириў бойынша жаңа система белгилеп берилди. Ҳәр бир аймақтың халық, исбилерменлик субъектлери ҳәм социаллық объектлер кесиминде энергия тутыныў балансы қәлиплестириледи.

Қайсы мәҳәлледе тармақ, трансформатор ямаса газ бөлистириў қурылмасын жаңалаў зәрүр екенлиги анық белгиленеди. Аварияларды азайтыў, есаплағышларды бирден-бир системаға жалғаў, энергия шығынлары ҳәм қарыздарлықты кескин қысқартыў бойынша мәнзилли бағдарламалар ислеп шығылады.

Бул бағдарда Янгийўл районында үлгили система жаратыў ўазыйпасы қойылды. Райондағы 51 мәҳәлледе халық ҳәм исбилерменлердиң электр ҳәм газге болған айлық, шереклик ҳәм жыллық талабы толық үйрениледи.

Зәрүр инфраструктура, оңлаў жумыслары ҳәм оларды қаржыландырыў дереклери анық реже тийкарында белгиленеди. Барлық жумыслар 1-октябрьге шекем жуўмақланып, Янгийўл электр ҳәм газ тәмийнаты бойынша үлги районға айландырылады.

Бул тәжирийбе кейин ала республиканың барлық район ҳәм қалаларына енгизиледи. Энергетика системасы басшылары аймақлардағы ең аўыр районларға бириктирилип, жумысларды жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте шөлкемлестиреди.

Энергетика тармағында санластырыў ҳәм жасалма интеллект технологияларын кеңнен енгизиўге айрықша итибар қаратылды.

Энергетика министрлиги қурамында Жанылғы-энергетика тармағын санластырыў ҳәм жасалма интеллектти енгизиў орайы шөлкемлестириледи. Орай “өндирис – узатыў – бөлистириў – жеткерип бериў” шынжырын толық таллап, тараўды раўажландырыўдың альтернатив сценарийлерин ислеп шығады.

АСКУЭ ҳәм АСКУГ мағлыўматлары жасалма интеллект тийкарында талланып, гүманлы тутыныў, жоғалтыў ҳәм қарыздарлық жағдайларын автомат анықлайтуғын платформа иске қосылады.

Сондай-ақ, тармақтағы ҳәр бир басшы ҳәм хызметкердиң жумысы анық нәтийже көрсеткишлери тийкарында баҳаланады. Онда авариялық ҳәм режели үзилислер, шығынлар, дебитор қарыздарлық, қуўатлықлар резерви және оңлаў бағдарламаларының орынланыўы тийкарғы өлшем болады.

Мәжилисте гүзги-қысқы мәўсимге таярлық мәселелери де додаланды. Ҳәзирги күнде тәбийий газ жеткерип бериў қыйын болған 1 мың 916 мәҳәлле бар.

Бул аймақлардағы турақ жайлардың ысытыў системасын турақлыластырыў, электр инфраструктурасын беккемлеў ҳәм қосымша энергияға болған талапты тәмийинлеў бойынша анық есап-санақлар таярланады. Биринши гезекте қаржыландырыў талап етилетуғын мәҳәллелер бойынша өз алдына бағдарлама ислеп шығылады.

Бүгинги күнде 3 миллион 700 мың шаңарақ суйылтылған газден пайдаланады. Система санластырылып, тәртипке келтирилген болса да, газди өз ўақтында ҳәм кепилликли жеткерип бериў мәселеси толық шешилмегени атап өтилди.

Суйылтылған газ тәмийнатына жеке меншик секторды кеңнен тартыў ўазыйпасы қойылды. Бул бағдарда дәслеп Әндижан ўәлаятында жаңа тәжирийбе енгизиледи.

Исбилерменлерге өзи импорт еткен ямаса биржадан сатып алған суйылтылған газди халық ҳәм бизнес субъектлерине жеткерип бериў имканияты жаратылады. Социаллық реестрге киргизилген шаңарақларға болса суйылтырылған газ сатып алыўы ушын субсидия бериледи.

Жылдың ақырына шекем бул бағдарда “Әндижан тәжирийбеси” жаратылып, кейин ала басқа аймақларға енгизиледи.

Суйылтылған газ ислеп шығарыўды жылдың ақырына шекем режедеги 520 мың тонна орнына 606 мың тоннаға жеткериў белгиленди.

Сондай-ақ, хожалықлардың реал талабынан келип шығып, газ баллонларының көлемин дифференциялаў усыныс етилди. Суйылтылған газди тасыў, сақлаў ҳәм тарқатыў системасы сырт ел тәжирийбеси және халықаралық стандартлар тийкарында қайта көрип шығылады.

Мәмлекетимиз басшысы энергетика тараўы ушын заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе кадрлар таярлаў мәселесине де айрықша тоқтап өтти.

Ҳәзир 25 техника жоқары оқыў орнында энергетика бағдарында жылына 5,5 мың қәниге таярланбақта. Бирақ билимлендириў әмелият пенен жетерли дәрежеде байланыспағаны себепли питкериўшиниң жумысқа кирисип кетиўине 2-3 жыл ўақыт кетпекте.

Усы мүнәсибет пенен жоқары билимлендириў мәкемелериндеги жанылғы-энергетика бағдарлары бойынша билимлендириў бағдарламаларын толық жаңалаў, лаборатория ҳәм полигонларды заманагөй талапларға бейимлестириў тапсырылды.

Жаңа оқыў жылынан 3-курс студентлериниң ярымы, 4-курс студентлериниң барлығы дуал билимлендириўге қамтып алынады. Қуяш ҳәм самал генераторлары, электр зарядлаў үскенелери ҳәм басқа да жаңа технологиялар бойынша қәнигелер таярлаўға тийкарғы әҳмийет қаратылады.

Мәжилис жуўмағында белгиленген ўазыйпаларды қысқа мүддетлерде ҳәм сапалы әмелге асырыў, тармақта атқарыў тәртибин ҳәм жеке жуўапкершиликти түп-тийкарынан күшейтиў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

ӨзА