Энергетика министри ҳәм “Аймақлық электр тармақлары” басшысы лаўазымынан босатылды

Мәжилисте Сурхандәрьядағы пуў-газ электр станциясы қурылысы ушын орын надурыс таңланғаны сынға алынды. Газди станцияға жеткериў ушын 300 миллион доллар жумсаўға туўра келмекте.
Басламашы менен дүзилген шәртнама шәртлери пуқта үйренилмегенлиги қосымша қәрежет жүзеге келиў итималын пайда еткен. Жуўапкерлерге шәртнама шәртлерин қайта көрип шығыў тапсырылды.
Системадағы үлкен кемшиликлер ушын энергетика министри ҳәм “Аймақлық электр тармақлары” басшысы лаўазымынан азат етилди. “Миллий электр тармақлары”, “Ыссылық электр станциялары”, “Трансгаз” ҳәм “Аймақгаз” басшыларына жылдың ақырына шекем сынақ мүддети белгиленди. Нәтийже болмаса, олар да жумыстан кетиўи ҳаққында ескертилди.
Жаңа энергетика министри Шерзод Ходжаев, “Аймақлық электр тармақлары”ның жаңа басшысы Сардор Исақулов ҳәм Энергетика инспекциясының жаңа баслығы Ахад Исоқжонов бүгиннен жаңаша жумыс усылын енгизиўи шәрт екенлиги атап өтилди.
– Ҳәкимлер де “Бул энергетиклердиң иси” деп арқайын отырыўға ҳақысы жоқ. Сораўы қатты болады, – деди Президентимиз.