Нарбаева Танзила Камаловнаны “Эл-юрт ҳурмати” ордени менен сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў тараўындағы көп жыллық нәтийжели мийнети, Жаңа Өзбекстанда парламент жумысын раўажландырыў, демократиялық реформаларды избе-из әмелге асырыў бағдарындағы айрықша хызметлери, жанкүйер шөлкемлестириўши ҳәм интакер басшы сыпатындағы бай билим ҳәм тәжирийбеси, ўатансүйиўшилик пазыйлетлери менен миллий мәмлекетшилигимиздиң ҳуқықый тийкарларын беккемлеў, елимизде инсан қәдирин улығлаў, ҳаял-қызлардың орнын ҳәм абырайын арттырыўға қаратылған тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўге үлкен үлес қосып, халқымыз арасында мүнәсип абырай-мәртебеге ерисип киятырғаны, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жолындағы үлгили жумысы, жәмийетлик-сиясий турмыста белсене қатнасқаны, сондай-ақ, туўылғанының 70 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Нарбаева Танзила Камаловна “Эл-юрт ҳурмати” ордени менен сыйлықлансын.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев