Қазақстанның биринши Президенти Өзбекстан жетекшисин туўылған күни менен қутлықлады

147

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қазақстан Республикасының биринши Президенти Нурсултан Назарбаев пенен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Нурсултан Назарбаев мәмлекетимиз жетекшисин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған шын жүректен беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал ҳәм табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына болса тынышлық, турақлы раўажланыў ҳәм абаданлық тиледи.

Өзбекстан – Қазақстан дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары бүгинги күнде жоқары дәрежеге көтерилгени ҳәм барлық тийкарғы бағдарларда көп тәреплеме бирге ислесиў жедел пәтлерде раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.