Өзбекстан Президенти Санкт-Петербург қаласы менен өз-ара пайдалы шерикликти кеңейтиў әҳмийетли екенин атап өтти
145

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Санкт-Петербург қаласының губернаторы Александр Беглов пенен телефон арқалы сөйлести.
Александр Беглов мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм үлкен табыслар тиледи.
Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан аймақларының Санкт-Петербург қаласы менен еки тәреплеме әмелий бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
“Жол картасы” тийкарында өз-ара товар алмасыўдың көлемин арттырыў, жаңа кооперация жойбарларын алға қойыў ҳәм жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўды даўам еттириўге қаратылған биргеликтеги илажларды көриўге айрықша итибар қаратылды.