Өзбекстан ҳәм Россия Президентлери телефон арқалы сөйлести

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.
Сөйлесиў алдында Россия жетекшиси мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, дос Өзбекстан халқының абаданлығы жолындағы жумысында жаңа табыслар тиледи.
Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан – Россия ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Өз-ара товар алмасыў көрсеткишлериниң өсиў пәтлерин сақлап қалыў, тийкарғы бағдарларда жетекши кәрхана ҳәм компаниялардың кооперациялық жойбарларын алға қойыў, еки ел аймақлары арасындағы нәтийжели бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.
Мәдений-гуманитарлық алмасыў жедел даўам етип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилери болажақ еки тәреплеме илажлардың режесин де көрип шықты.
ӨзА