Өзбекстан ҳәм Беларусь жетекшилери телефон арқалы сөйлести

145

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко арасында телефон арқалы сөйлесиў болып өтти. 

Сөйлесиў алдынан Беларусь жетекшиси мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, күш-ғайрат, мәмлекетшилик жумысында жаңа табыслар, Өзбекстанның көп миллетли халқына болса тынышлық ҳәм абаданлық тиледи.

Өзбекстан – Беларусь стратегиялық шериклик қатнасықларын Өзбекстан Президентиниң усы жыл 8-9-июль күнлери Минск қаласына әмелге асырған рәсмий сапарында ерисилген келисимлердиң орынланыўы шеңберинде буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Ҳәр қыйлы дәрежелерде нәтийжели сөйлесиўлер алып барылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара товар алмасыў көлеми турақлы өсип бармақта. Тийкарғы тараўларда кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта.

Жедел түрге енген аймақлараралық бирге ислесиў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

ӨзА