Өзбекстан ҳәм Қырғызстан Президентлери телефон арқалы сөйлести

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.
Қырғызстан басшысы мәмлекетимиз басшысын туўылған күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, оған шын жүректен беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм үлкен табыслар, ал туўысқан Өзбекстан халқына тынышлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Садир Жапаров Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды ҳәм Шавкат Мирзиёевтиң еки ел арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўге қосқан жеке үлесин жоқары баҳалады.
Барлық бағдарларда өз-ара пайдалы бирге ислесиў пәтиниң барған сайын артып атырғаны қанаатланарлық пенен атап өтилди. Өз-ара саўда көлеми жедел пәт пенен өспекте, санаат кооперациясы жойбарлары, соның ишинде, иске қосылған Бирлескен фонд шеңберинде әмелге асырылмақта. Ири регионлық инфраструктура жойбарлары бойынша әмелий жумыслар даўам еттирилмекте.
Алдағы жоқары дәрежедеги саммиттиң күн тәртибин, бәринен бурын, саўда-экономикалық тараўда пуқта таярлаўдың әҳмийетлилиги атап өтилди.