Әзербайжан Президенти Өзбекстан жетекшисин туўылған күни менен қызғын қутлықлады

73

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Әзербайжан жетекшиси мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм жуўапкершиликли мәмлекетшилик жумысында жаңа табыслар, Өзбекстанның көп миллетли халқына болса тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Өзбекстан – Әзербайжан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Ҳәр қыйлы дәрежедеги сөйлесиўлер даўам етпекте. Өткен ҳәптеде Ташкент қаласында болып өткен қоспа Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңеси мәжилислериниң нәтийжели жуўмақлары қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Болажақ жоқары дәрежедеги саммитке пуқта таярлық көриў, оның экономикалық күн тәртибин анық жойбарлар ҳәм бағдарламалар менен байытыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.