Өзбекстан ҳәм Қазақстан Президентлери еки тәреплеме күн тәртибиндеги мәселелерди додалады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлести.
Қазақстан Президенти мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал ҳәм туўысқан Өзбекстан халқының абаданлығы жолындағы мәмлекетшилик жумысында жаңа табыслар тиледи.
Сөйлесиў даўамында Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери додаланды.
Барлық бағдарларда өз-ара пайдалы бирге ислесиў пәти артып атырғаны, соның ишинде, товар алмасыў көлеми артып атырғаны, тийкарғы тармақларда әҳмийетли кооперация жойбарлары алға қойылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Мәмлекет басшылары регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысты. Болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режесин көрип шықты.
ӨзА