Түркмен халқының миллий жетекшиси Өзбекстан Президентин қызғын қутлықлады

87

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлести.

Түркменстан миллий жетекшиси мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм үлкен табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына болса тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Сондай-ақ, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Гурбангули Бердимуҳамедов Президентимиздиң тынымсыз мийнети ҳәм узақты гөзлеп жүргизип атырған сиясаты себепли Өзбекстан жаңа шеклерди ийелеп атырғанын, социаллық-экономикалық ҳәм сиясий тараўларда салмақлы раўажланыўға ерисип атырғанын айрықша атап өтти.

Сөйлесиўде жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан-Түркменстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Өз-ара исеним ҳәм улыўма мәплерди есапқа алыў принциплерине тийкарланған көп тәреплеме бирге ислесиўдиң пәти артып баратырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Барлық дәрежелерде жедел сөйлесиўлер даўам еттирилмекте. Жақында Ашхабадта өткен сиясий мәсләҳәтлесиўлердиң нәтийжели жуўмақлары жоқары баҳаланды.

Өз-ара товар алмасыў ҳәм жүк тасыў көлеми жедел өсип бармақта. “Шават-Ташаўыз” саўда зонасының нәтийжели жумысы да өз-ара саўда көлемин арттырыўға хызмет етпекте.

Энергетика, санаат, аўыл ҳәм суў хожалығы, транспорт тараўларында кооперация жойбарлары табыслы әмелге асырылмақта. Парламентлераралық, аймақлараралық, исбилерменлик ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды және де кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Регионаллық күн тәртибин, соның ишинде, усы жылдың гүзинде Аваза қаласында өткерилетуғын Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекет басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўына таярлық көриў шеңберинде муўапықластырыў ҳәм алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

ӨзА