Усы жылдың 24-30-октябрь күнлери Нөкис қаласында Өзбекстан Республикасы ҳәм Түркменстан арасындағы Мәмлекетлик шегараны делимитациялаў ҳәм демаркациялаў мәселелери бойынша қоспа Өзбекстан – Түркменстан ҳүкиметлер аралық комиссиясы жумысшы топарларының гезектеги ушырасыўы болып өтти.

Сыртқы ислер министрлиги мағлыўматына тийкарланып Kun.uz сайтының хабар бериўинше, ушырасыў даўамында Өзбекстан – Түркменстан Мәмлекетлик шегарасының айрықша участкаларында өткерилген қоспа дала топографиялық-геодезиялық жумысларының нәтийжелери көрип шығылды және кейинги дала жумысларын өткериў мүддетлери келисилди.

Ушырасыў жуўмағына муўапық Протоколға қол қойылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги