Президент Шавкат Мирзиёев Орта Шыршық районында Ташкент – Самарқанд жөнелисиндеги жаңа автомобиль жолының қурылысына тырнақ тасын қойыў мәресиминде қатнаспақта.

Мәмлекетимиз басшысы соңғы жылларда елимиз экономикасы 3 есеге артқанын, 2030-жылға шекем оның көлемин 240 миллиард долларға жеткериў бойынша үлкен шек қойылғанын атап өтти.
Бүгин Өзбекстан аймағынан халықаралық әҳмийеттеги 4 мың километр транзит жол өткен. Ҳәзирги ўақытта халықаралық жоллардың 30 проценти толық қуўатлылықта, және 25 проценти артықша жүклеме менен ислемекте.
“Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” ҳәм Трансаўған темир жоллары иске қосылғаннан соң, Өзбекстан Тыныш океанынан Европаға шекемги ең қысқа қурғақлық коридорының тийкарғы буўынына айланады. Сондай-ақ, Пакистан портлары арқалы Ҳинд океаны ҳәм дерлик 2 миллиард халық жасайтуғын Қубла Азия базарларына шығыў имканияты ашылады.
Есап-санақларға бола, Өзбекстан жылына қосымша 15-20 миллион тонна халықаралық транзит жүгин қабылласа, 400-600 миллион доллар дәрамат алынады, логистика орайлары ҳәм терминаллар қурылысына 3 миллиард доллар инвестиция тартылады, кеминде 50 мың турақлы жумыс орны жаратылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги