Мәҳәлледе абат болса, ел абадан болады

Кегейли районында Президентимиз басшылығында өткерилген “Мәҳәллелерге жаңа орталық алып кириў ҳәм “мәҳәлле жетилиги” жумысын жаңаша шөлкемлестириў” атамасындағы видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўына бағышланған кеңейтилген ушырасыў болып өтти.

Онда Кегейли районы ҳәкими Айбек Камалов, республикадан аймаққа бириктирилген ўәкиллер, районлық шөлкемлердиң басшылары, көше бийлери, нураныйлар, белсенди ҳаял-қызлар ҳәм жаслар қатнасты.

Илажда Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпалар, атап айтқанда, “Мәҳәлледе абаданлық ҳәм мийрим-шәпәәт айлығы” шеңберинде әмелге асырылатуғын жумыслар додаланып, Ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллық байрамын көтериңки кейпиятта күтип алыў, мәҳәллелер ҳәм көшелерди абаданластырыў, шаңарақлардың азадалығын тәмийинлеў, аймақларда тазалық мәдениятын буннан былай да арттырыў бойынша анық тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, усы әҳмийетли 40 күн даўамында кең жәмийетшилик арасында үгит-нәсият жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў, халықты абаданластырыў жумысларына кеңнен тартыў, белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги